Санлы трансформация рейтингинде Бажыхана комитети биринши орынды ийеледи

Шөлкемлерде санлы трансформация жағдайын рейтинг баҳалаў нәтийжелерине бола, Бажыхана комитети 97,05 процент нәтийжени көрсетип, биринши орынды қолға киргизди.
Кейинги орынларды сәйкес түрде Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ийеледи.
Бул рейтингте республиканың улыўма есапта 91 атқарыў ҳәкимияты уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары қатнасты.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, рейтинг Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметтиң раўажланыў жағдайын рейтинг баҳалаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары менен әмелге асырылып келинбекте.
Шөлкемлерде санлы трансформация жағдайын рейтинг баҳалаў ашық-айдынлық ҳәм электрон қатнас, электрон хызметлер, мәлимлеме қәўипсизлиги және жумыстың санластырылғаны индекслери тийкарында әмелге асырылады.
Ш.Маматуропова,
ӨзА