Қытайда космослық шығындылардан қутылыўдың жаңа усылы ойлап табылды

152

Қытайлы илимпазлар Жер орбитасынан шығындыларды тазалаў ушын арнаўлы атыў қурылмасын ислеп шықты. Қурылма ықшам, сезилер-сезилмес ҳәм порох двигатели принципине тийкарланған. Оны Нанкин, Шанхай ҳәм Шеняндағы аэрокосмослық санаат инженерлери жаратқан.

Әпиўайы қураллардан өзгеше түрде, бул үскене күшли ушқын, тербелис ямаса бөлекшелер бултын пайда етпейди. Ол түтин ҳәм жақтылық шығармайды, атылғанда болса дерлик тербелмейди. Буған жабық газ жәрдеминде энергияны жутыў механизми себеп болады.

Қурылма шығындыларды услап алыўшы тор жайластырылған капсуланы ушырады. Оны платформаға зыян жеткермей, анық нышанға бағдарлаў мүмкин. Бул усыл жасалма жолдастың нәзик әсбапларына зыян жеткерместен ислейди ҳәм энергия жумсалыўын азайтады. Илимпазлар бул технология мыңлаған истен шыққан жасалма жолдаслар ҳәм ракета бағаналарынан ибарат орбитал шығындылар машқаласын шешиўге жәрдем береди, деп есапламақта.

Бирақ, South China Morning Postтыӊ хабарына бола, қурылма киши өзгерислер арқалы душпан жасалма жолдасларын истен шығарыўда да қолланылыўы мүмкин.

Мадинабону НАСРИЕВА,

Анвархўжа АҲМЕДОВ,

ӨзА