“Улыўма миллий аўызбиршилик фестивалы” шеңберинде Мәнаўият фестивалы өткерилди

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын” сүрени астында “Улыўма миллий тилеклеслик фестивалы” шөлкемлестирилди. Усы фестиваль шеңберинде руўхый-ағартыўшылық орталықты беккемлеўге қаратылған Руўхыйлық фестивалы Елликқала районында болып өтти.
Фестиваль Өзбекстан Республикасы Бас министриниң 2025-жыл 31-июльдеги 63-санлы протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди. Онда түрли бағдардағы жойбарлар әмелге асырылды.
Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған “Шижоат Ватанпарварлик” жойбары, исбилермен жаслар менен “Абадан турмысқа дәслепки қәдем” ушырасыўлары, спорт жарысларын қамтып алған “Аўызбиршилик кубоги” илажлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, балаларға бағышланған “Бахытлы балалық” жойбары, китапқумарлықты хошаметлеўши “Китап марафоны” ҳәм “Бир китап – бир өмир” акциялары өткерилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Әдебият ҳәм дөретиўшилерди бирлестиретуғын “Мушаира ақшамлары” да фестиваль шеңберинен орын алды. Онда жазыўшы ҳәм шайырлар өз дөретиўшилик үлгилерин усынды.

Фестиваль жәмийетте миллий тилеклеслик ҳәм ўатанға садықлық сезимин беккемлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли руўхый платформа болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги