Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
2025-жылдағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи ҳәм оны шөлкемлестириў шеңберинде өткерилген 20 ушырасыўда келип түскен 15 мың мүрәжатта көтерилген системалы машқалалардың шешимине қаратылған усыныс ҳәм басламаларды әмелге асырыў ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиўде белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде қарар етемен:
- Қаржылай ресурслар
- 2026-2027-жылларда исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, зәрүр финанслық ҳәм инфраструктуралық шараятларды жаратыў ушын улыўма 270 триллион сум қаратылсын, атап айтқанда:
(а) еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының, сондай-ақ, тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы ири өндирислик жойбарлардың инфраструктурасын раўажландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 4 триллион сум;
(б) драйвер жойбарлар шеңберинде – 5 триллион сум;
(в) таңлап алынған район ҳәм қалаларды жедел раўажландырыў бағдарламалары ушын – 6 триллион сум;
(г) коммерциялық банклер тәрепинен киши ҳәм орта бизнес ушын – 250 триллион сум, соның ишинде, исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 30 триллион сум;
(д) «Исбилерменлерди раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен кеминде 5 мың исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын – 4 триллион сумлық қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары.
- 2026-жыл 1-майдан баслап исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў процесинде олардың төлеў қәбилетин баҳалаў ушын қәрежетлер (салық, коммунал төлеўлер, транзакциялық операциялар ҳәм басқа унамлы көрсеткишлер бойынша мағлыўматларды), товар айланысы, экспорт операциялары сыяқлы мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллеринде қәлиплескен мағлыўматлар базаларындағы бар мағлыўматлар арқалы альтернатив скоринг етиў системасы енгизилсин.
- II. Сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда қолайлықлар жаратыў ҳәм туризмди раўажландырыў
- Сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын устав капиталында мәмлекетлик үлеси болмаған хожалық жүргизиўши субъектлерге жариймалар қолланыў ҳәм өндириўге 2027-жыл 1-январьға шекем мараторий жәриялансын. Онда мараторий дәўиринде мүддетти өткен дебитор қарыздарлық жағдайлары сапластырғанда қолланылған жәриймалар бийкар етиледи.
- 2026-жылдан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын Туризмди раўажландырыў бағдарламасы енгизилсин:
(а) 2026-2028-жылларда жайластырыў қуралларын шөлкемлестириў ушын кеминде 5 мың гектар жер участкаларын электрон онлайн аукционға шығарыў. Онда:
(i) жер участкаларының аукцион саўдаларында қәлиплескен баҳасынан келип шығып, қурылатуғын мийманхана устав капиталының 50 процентинен артпаған бөлегине шекем мәмлекетлик үлеси менен шерик болып кириў механизми енгизиледи;
(ii) мәмлекетлик үлесин 10 жыл даўамында базар баҳасында мүлк қатнасыўшысы ямаса басқа потенциаллы инвесторларға реализациялаў имканияты жаратылады;
(б) 2026-2028-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен барлық категориядағы исбилерменлик субъектлерине мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке төмендеги муғдарларда кредитлер ажыратылады:
(i) ўәлаят орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, туризмге қәнигелескен район(қала)ларда қурылып атырған мийманханалар ушын – 30 миллиард сумға шекем;
(ii) басқа аймақларда – 10 миллиард сумға шекем;
(в) ҳәр жылы туристлердиң ең көп итибарын тартқан ҳәм абырайлы халықаралық платформаларда унамлы атап өтилген жайластырыў қуралларын анықлаў ҳәм сыйлықлаў бойынша қоры 1 миллион АҚШ долларына тең таңлаў өткериў.
- Сондай тәртип орнатылсын, усы Пәрманның 4-бәнти «б» киши бәнтине муўапық «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен:
(а) 30 миллиард сумға шекем кредитлердиң:
(i) 50 процентине, бирақ 10 миллиард сумнан артпаған муғдарға шекем кепиллик усыныс етиледи;
(ii) Орайлық банк тийкарғы ставкасының 2 есесинен артпаған ставкада миллий валютада ажыратылатуғын кредитлердиң тийкарғы ставкадан 4 процентлик пункт жоқары, бирақ 8 процент пунктине шекемги бөлеги қаплап бериледи;
(б) 10 миллиард сумға шекем кредитлердиң:
(i) 50 процентине кепиллик усыныс етиледи;
(ii) Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 2 есесинен артпаған ставкада миллий валютада ажыратылатуғын кредитлердиң тийкарғы ствакадан 4 процентлик пункт жоқары, бирақ 10 процент пунктине шекемги бөлеги қаплап бериледи;
(в) компенсация төлемлери «2+3» принципи тийкарында алдын кредиттиң дәслепки еки жылына бериледи, кейинги үш жыл даўамында мийманхана хызметлерин көрсетиўден түскен жыллық түсим 15 процент ҳәм оннан аслам муғдардан артқан жағдайда әмелге асырылады;
(г) илажларды әмелге асырыў ушын Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2026-жылдан баслап Кредит процент қаржыларын компенсациялаў қорына қаратыў ушын зәрүр болатуғын қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутып барады.
- 2026-жыл 1-январьдан баслап:
(а) республика район ҳәм қалаларында (ўәлаятлардың орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге киргизилген туризм потенциалы жоқары болған район (қала)лар ҳәм туристлик зоналар буған кирмейди) жайласқан жайластырыў қураллары ушын туристлик (мийманхана) жыйымды есаплаў ҳәм төлеў тәртиби бийкар етилсин;
(б) шаңарақлық мийман үйи сыпатында тән алыў ушын бир ўақыттың өзинде ўақтынша жасаў ҳәм (ямаса) аўқатланыў бойынша хызметлер көрсетиў мүмкин болған келиўшилер (туристлер)диң саны бойынша белгиленген шегара муғдары 2 есеге арттырылсын.
- 2026-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлик субъектлериниң жаңа мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеў ушын кеткен қәрежетлериниң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў системасы мйиманхананы қосымша имарат ҳәм объектлер қурыў арқалы кеңейтиў ямаса бар имарат ҳәм объектлердиң қәнигелесиўин мийманхана жумысына өзгертиўге де енгизилсин.
- Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқаров еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын киргизсин:
(а) санитария, фитосанитария ҳәм ветеринария (SPS) тараўында бирден-бир мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, «атыздан дастурханға шекем» принципи тийкарында нәтийжели қадағалаў системасын енгизиў, руқсат бериў ҳүжжетлерин «қәўипти таллаў» системасыгда «бир айна» принципы арқалы рәсмийлестириў, барлық процесслерди санластырыў;
(б) техникалық тәртипке салыў тараўын түп-тийкарынан реформалаў, халықаралық стандартларға сай техникалық регламентлер ҳәм декларация системасын кеңнен енгизиў, абырайлы халықаралық лабораториялардың жумысын жолға қойыў ушын шараятлар жаратыў.
- 2026-жылдан баслап:
(а) мәмлекетлик көшпели мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң ең аз муғдары аймақта қәлиплескен ижара төлеминиң минимал базар баҳасынан келип шығып белгиленеди;
(б) мәмлекетлик көшпели ижараға бериў мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем арттырылады.
III. Салық төлеўшилерди хошаметлеў илажлары
- 2026-жыл 1-январьдан баслап айланысынан алынатуғын салық төлеминен биринши мәрте қосымша қун салығы төлемине өткен исбилерменлик субъектлерине төмендеги хошаметлеў илажлары қоллансын:
(а) бир жыл даўманыда пайда салығын төлеўден азат етиў;
(б) бир жыл даўамында қосымша қун салығын төлеўшиси сыпатында салық уйымларында есапқа қойыў тәртибин бузғаны ушын қаржылай жәрийма қолланбаў;
(в) 6 ай даўамында бухгалтерия хызметлери қәрежетлериниң ҳәр айда ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 3,5 есесинен артпаған бөлегин төлеп атырған салық төлемлери есабынан алып таслаў.
- 2026-жыл 1-январьдан баслап салық миннетлемелерин орынлаўдың төмендеги проактив тәртиби енгизилсин:
(а) юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы ҳәм жер салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша салық есабатларын қәлиплестириў ўазыйпасы салық уйымларына өткериледи ҳәм усы миннет салық төлеўшилер ушын бийкар етиледи;
(б) салық уйымлары тәрепинен қәлиплестирилген салық есабатларына салық төлеўши тәрепинен 5 жумыс күни ишинде зәрүр дүзетиўлерин киргизиў ҳәм дүзетиў киргизилген салық есабатын усыныс етиў ҳуқықы бериледи.
- (а) пайда салығы бойынша ҳәр айлық аванс төлемлерин төлеўи керек болған исбилерменлик субъектлериниң дәраматының шекленген муғдары 10 миллиард сумнан 20 миллиард сумға арттырылатуғыны;
(б) исбилерменлик субъектлери өз қаржылары есабынан социаллық инфраструктура тармақларын қурып, бийғәрез тапсырғанда, усы объектлер ушын исленген қәрежетлер пайда салығы базасынан азайтылатуғыны;
(в) 2025-жыл 1-ноябрьден баслап улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўши кәрханалар ушын белгиленген физикалық тәреплерден аўыл хожалығы өнимлерин нақ пулға сатып алыўда, усы товарлар ушын кириў ҳүжжетлерин электрон тәризде рәсмийлестириў тәртиби барлық исбилерменлик субъектлерине енгизилетуғыны белгиленсин;
(г) исбилерменлик субъектлериниң салық аудитиниң нәтийжелери бойынша қаржылай санкцияларды 6 ай ишинде тең үлеслерде төлеў ҳуқықы көшпели салық тексериўи нәтийжелери бойынша қаржылай санкцияларға да енгизиледи;
(д) 2025-жыл 1-август жағдайына бола “Салық қәўипин анықлаў, таллаў ҳәм баҳалаў” системасы арқалы салық тексериўлерине талабан сыпатында қәлиплескен ҳәм салық қәўпи 16 триллион сум болған 20 мыңнан аслам субъектке салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық белгилерин ықтыярлы сапластырыў имканияты берилген ҳалда, бул дизим 2025-жыл 1-ноябрь жағдайына қайта қәлиплестириледи;
(ж) 2026-жыл 1-январьдан баслап көшпели салық тексериўин өткериўде:
(i) мобиль видеокамерадан пайдаланыў мәжбүрий есапланады;
(ii) мобиль видеокамерадан пайдаланбастан өткерилген тексериўлер нызамсыз есапланады.
- Салық комитети еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
(а) салық есабатын өз ўақтында усынбағаны ушын ҳәкимшилик жәрийма муғдарын киши исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахсларына базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 3 есесине, пуқаралар ушын базалық есаплаў муғдарының 3 есесинен 1 есесине шекем азайтыў;
б) есабат дәўиринде бир неше салық түрлери бойынша салық есабатлары усынылмаған жағдайда, барлық усынылмаған есабатлар бойынша улыўма бир жәрийма қолланыў;
(в) ақырғы 3 айда салық есабатларын өз ўақтында усынған исбилерменлик субъектлерине салық есабатын өз ўақтында усынбағаны ушын ҳәкимшилик жәрийманы 5 күнге шекем қолланбаў.
- Салық комитети Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-июльден баслап салықлар бойынша төлемлерди әмелге асырыў, артықша төлем ҳәм қарыздарлық суммаларын бирден-бир ғазна есап бети арқалы өз-ара есапқа алыў системасын енгизсин.
- Жоқарғы суд Бизнес-омбудсман менен биргеликте 2025-жылдың ақырына шекем исбилерменлик субъектлерине экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға экстерриториал тәртипте мүрәжат етиў имканиятын жаратыў бойынша нызам жойбарын киргизсин.
- IV. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде төмендегилер:
(а) ислеп шығылатуғын нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларының дизими (кейинги орынларда – Дизим) 1-қосымшаға муўапық;
(б) әмелий илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Усы пәрманға 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық:
(а) нызамшылық ҳүжжетлери жойбарлары сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығылыўы, келисиўи ҳәм орнатылған тәртипте киргизилиўи, сондай-ақ, илажлар сөзсиз орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик министрлик ҳәм уйымлардың басшыларына жүкленсин;
(б) тапсырмаларды толық орынламаған, кешиктирип орынлаған ямаса орынланыўын тәмийинлемеген министрлик ҳәм уйымлардың басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлерине тапсырманың орынланыўы мүддети тамамланған күннен баслап орынланыўы тәмийинленгенге шекемги мүддетте барлық хошаметлеў төлемлериниң тоқталылыўы белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
(а) Әдиллик министрлиги ҳәр ҳәптеде Дизим ҳәм әмелий илажлар режесиндеги ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында оператив мағлыўматты, ҳәр айда – толық мәлимлемени Ксап-санақ палатасы ҳәм Министрлер Кабинетине усыныс етеди, сондай-ақ, тийисли министрлик ҳәм жуўапкерлерге орынланбаған тапсырмалар бойынша мағлыўматлар киргизип барады;
(б) Дизим ҳәм әмелий илажлар режесинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў жағдайы ҳәр айда Министрлер Кабинети Президиумы мәжилислеринде көрип шығылады, жүзеге келип атырған машқалалардың шешими бойынша ҳәм жол қойылған кемшиликлер ушын тийисли жуўапкерлерге шаралар көрилип барылады;
(в) Есап-санақ палатасы ҳәм Министрлер Кабинети Дизим ҳәм әмелий илажлар режесиндеги ўазыйпалардың орынланыў жағдайы ҳаққында ҳәр ҳәптеде оператив мағлыўматты, ҳәр айда – толық мағлыўматты және тапсырмалардың орынланыўында жүзеге келип атырған мәселелер шешими бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизеди.
- Мәмлекетлик уйымлар тийисли нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер ҳәм уйымлық көрсетпелердиң қабыл етилиўин күтпестен усы Пәрманның нормалары күшке кирген ўақыттан баслап сөзсиз ҳәм тиккелей әмелде қолланылыўын тәмийинлесин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Саўда-санаат палатасы, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқаров ҳәм Ж.А. Ходжаев белгиленсин.
- Пәрманның орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев