Айланыс салығынан қосымша қун салығына өтетуғын кәрханалар бир жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиледи

218

Қосымша қун салығының ставкасы 12 процентке түсирилгени есабынан бул салық режиминде ислеп атырған исбилерменлердиң саны күн сайын көбеймекте.

Бирақ, еле көпшилик ҚҚСқа өтсем, есап-санақ қыйынласады, бухгалтер алыў керек, қәрежет асады, деп гүманланбақта.

Сол себепли, айланыс салықтан ҚҚСқа өтетуғын кәрханалар бир жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиледи, есабатында қәте болса да, жәрийма қолланылмайды, бухгалтерлердиң айлығының 5 миллион сумға шекемги бөлеги алты айға шекем усындай кәрхана төлеп атырған салықтан шегирип тасланады.

Бүгинги күнде салық тексериўлери бойынша 20 мыңнан аслам исбилерменлерде 16 триллион сумлық қәте ҳәм кемшиликлер анықланған. Бул мыңлаған бизнес ўәкиллериниң исбилерменлик рейтингиндеги орнына унамсыз тәсир етеди.

-Соның ушын бүгин өзине тән “амнистия” жәриялаймыз, бул тексериўлер бойынша жаза қолланылмайды.

Оның орнына 1-ноябрьге шекем исбилерменлеримизге барлық қәте ҳәм кемшиликлерди ықтыярлы түрде дүзетиў имканияты бериледи. Бир сөз бенен айтқанда, 1-ноябрьден баслап бизнес ўәкиллери исбилерменлик рейтингин “таза беттен” баслайды”, – деди Президент.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА