Криминоген жағдайы қурамалы мәҳәллелерде мәнзилли ислесиў механизми енгизиледи

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына мәҳәллелерде жынаятшылықтың ўақтында алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Оған муўапық, криминоген жағдайы қурамалы мәҳәллелер жасалма интеллектте ислейтуғын арнаўлы программалық тәмийнатқа интеграцияланған заманагөй бақлаў камералары менен толық қамтып алынады.
Усы жылдың ақырына шекем физикалық тәреплердиң мүлкин техникалық қорғаўдың қамтып алыныўы 30 процентке, юридикалық тәреплердиң мүлкин қорғаўдың қамтып алыўы 60 процентке жеткериледи.
Ишки ислер уйымларында жоқары маман кадрлардың резервин қәлиплестириў мақсетинде Ишки ислер министрлиги Академиясында аралықтан билимлендириў түри енгизиледи ҳәм бакалавриат бағдарламасы бойынша қабыллаў квоталары басқышпа-басқыш арттырып барылады.
Қарар менен «Криминоген жағдайы қурамалы мәҳәллелерде жынаятлардың алдын алыў бойынша мәнзилли илажлар» Концепциясы тастыйықланды.
Мәҳәллелерде айрықша шөлкемлестириў-профилактикалық илажлар ҳәм мәнзилли илажлар менен илимий-әмелий процесслерди үйлестирген ҳалда криминоген жағдайды турақластырыў ҳәм қәўипсиз орталықты жаратыў Концепцияның тийкарғы мақсети есапланады.
Концепцияға бола, район (қала) ишки ислер уйымы баслығы ҳәм прокурордың хызмет ханасы 2025-жылдың ақырына шекем тиккелей мәҳәллелерде шөлкемлестирилип, күнделикли жумысының басланыўы ҳәм жуўмағы әне, усы жерде әмелге асырылады.
Мәҳәллелерде басқышпа-басқыш мәҳәлле ҳуқық қорғаў орайларының жумысы жолға қойылады.
Социаллық профилактика объектлери, әсиресе, шаңарақ – турмыс шеңберинде ҳуқықбузарлықларға қол уратуғын шахслардың (Жәнжелкеш ҳәм келиспеўшиликли шаңарақлар) жағдайынан мәжбүрий түрде кеминде ҳәр 3 күнде хабар алыў әмелияты жолға қойылады.
Мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып баратуғын «мәҳәлле үгит-нәсиятлаўшысы» жәмийетлик топарлары шөлкемлестириледи.
Мәҳәлледеги жәмийетлик орынлар, көп қабатлы турақ жайлар алдында «тәшўиш» түймелери орнатылады.
Н.Абдураимова, ӨзА