Өзбекстан-Аўғанстан: энергетика тармағын жақсылаў бойынша төрт ири жойбар әмелге асырылады

147

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди. Онда айтылыўынша, усы жылдың 17-август күни Кабул қаласында Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматилла Иргашев Аўғанстан Бас министриниң экономикалық мәселелер бойынша орынбасары Молла Абдул Ғани Бародар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда еки тәрептиң жанылғы-энергетика компанияларының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Онда атап өтилгениндей, усы жылдың 3-июль күни Әзербайжан Республикасының Ханкенди қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Молла Абдул Ғани Бародар арасында болып өткен сөйлесиў айрықша әҳмийетке ийе. Бул ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылғаны, бул болса қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў ҳәм стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан ҳәм Аўғанстан энергетика компаниялары арасында төрт ири жойбарды әмелге асырыў бойынша шәртнамаларға қол қойылды. Соның ишинде, 500 кВлы “Сурхан-Пули-Хумри” электр узатыў тармағы 200,6 километр аралықта қурылып, “Хўжа-Алвон” подстанциясы кеңейтиледи. Сондай-ақ, “Арғанда” подстанциясы 500/220 кВ ға шекем кеңейтилип, қуўатлылығы 800 МВА ға шекем арттырылады. Буннан тысқары, “Бутхак” (Кабул) подстанциясынан “Шайх Мисри” (Нангархар) подстанциясына шекем 125 километр узынлықтағы 220 кВлы жаңа еки шынжырлы электр узатыў тармағы қурылады. Соның менен бирге, “Шайх Мисри” (Нангархар) 220 кВлы подстанциясы 2х25 МВА ҳәм 2х40 МВА қуўатлылықта қурылады.

Тәреплер бул жойбарлардың қурылыс жумысларын усы жылдың 6-7-сентябрь күнлери Кабул қаласында болып өтетуғын Халықаралық энергетика конференциясы шеңберинде баслаўға келисип алды.

Жойбарлар 2027-жылдың биринши шерегине шекем әмелге асырылыўы белгиленген болып, бул Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында электр енергетикасы тараўындағы бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, барлық процесслерди жоқары сапада ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў, қурылыс жумысларында жергиликли ресурслардан максимал дәрежеде пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Энергетика тармақларын модернизациялаў, есап-санақ системаларын санластырыў ҳәм маман кадрлар таярлаў тараўларында да бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў бойынша пикир алысылды.

Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА