Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып келмекте

Өз мийнети ҳәм сабыр-тақаты менен жерге меҳир қойған инсанлар аўыл хожалығының ҳақыйқый сүйениши есапланады. Олар тек ғана шаңарағын емес, ал жергиликли базарларды да тәбийғый өнимлер менен тәмийинлеп, пайда да көрмекте. Беруний районындағы усындай пидайы инсанлардың бири – 73 жасар Янгибой ата Рўзимов.
Гүлистан мәҳәллесинде жайласқан 7 сотыхлық қыйтақ жеринде ол 30 дан аслам мийўели терек түрлерин тәрбиялап келмекте. Оның бағында жүзим, алма, анар, әнжир, шабдал, алмурт, черешня, қурма, бадам ҳәм ғоза сыяқлы мийўе түрлери бар. Ҳәр бир дарақтан пайда алып атырған Янгибой ата бүгин тек ғана мийўелерди жетистириў емес, ал оның барлық процесслерин ядтан биледи, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Мийўелерден алынып атырған өним тек ғана шаңарағы ушын емес, ал мәҳәлледеги басқа да пуқаралар ушын да үлгили тәжирийбе болмақта. Ол мийнеттен шаршамайды, қыйтақ жердеги жумысларға перзентлери менен ақлықларын да тартып, өзиниң билим ҳәм көнликпелерин оларға үйретпекте.

Бундай әпиўайы турмыслық мысаллар арқалы жергиликли халықтың мийнетке болған мүнәсибети, өз жеринен нәтийжели пайдаланыўға болған умтылысы айқын көзге тасланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги