Жаңа оқыў жылы алдынан әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди

278

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң шөлкемлестириўинде “Шебер муғаллим – миллет сүйениши!” атамасында “IV Устазлар миллий форумы” болып өтти.

Форумға тараў басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан тәжирийбели муғаллимлер қатнасты.

Форум шеңбериндеги илажлар муғаллимлер тәрепинен таярланған, оқыўшыларға сабақ өтиўде пайдаланылатуғын заманагөй оқытыў қуралларының, қолланбалардың, қолдан таярланған буйымларының көргизбеси менен басланды.

Нөкис қаласындағы «Kardar stem international school» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесинде мектеп муғаллимлери ушын, 27-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшылар ушын секция жумыслары алып барылды.

Онда пән бағдарлары бойынша оқыў мақсетлери, жаңа оқыў-методикалық комплекслер ҳәм олардан пайдаланыў бойынша усыныслар, сабақлықларда қолланылған алдынғы методикалар, Қубла Корея тәжирийбеси тийкарында мектепке шекемги жастағы балаларды раўажландырыўда инновациялық қатнаслар – ойынға тийкарланған билимлендириў, баслаўыш билим бериўде информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнин оқытыўдың заманагөй усыллары ҳәм қураллары,  билимлендириўдеги заманагөй қатнас, үлгили сабақ шөлкемлестириў ҳәм оны талқылаў, критерияларға тийкарланған баҳалаў системасының мақсети ҳәм мәниси,  жойбарға тийкарланған билимлендириў, eMaktab платформасынан пайдаланыў имканиятлары бойынша тренинг сабақлары шөлкемлестирилди.






Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен форум қатнасыўшылары арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды.

Форум даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында мәжилис өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов шығып сөйлеп, “IV Устазлар миллий форумы” қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, усы форум арқалы билимлендириў тараўындағы реформалар, оқыў режелери ҳәм бағдарламалар, сабақлықлар, сондай-ақ, оқыў процесине енгизилетуғын алдыңғы методикалардың мазмуны-мәнисин тараў хызметкерлерине жеткерип бериў мақсет етилген.

Президентимиз тәрепинен муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, келешегимиз болған жас әўладқа сапалы билим бериў, жаӊа әўлад сабақлықларын жаратыў, оқыўшы жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, билимлендириў мәкемелериниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў-тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен билимлендириў сапасы бағдарлары бойынша “Қарақалпақстан тәжирийбеси” сыпатында “Ағла мектеп-2025” жойбары 2025-жыл март айынан баслап аймақтағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде енгизилди.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң kkbilimlendiriw.uz электрон платформасына мектеплер ҳәм олардың нәтийжелери турақлы түрде киргизилип барылмақта ҳәм жылдың ақырында баҳалаў критериялары тийкарында жеңимпазлар анықланыўы режелестирилген.

Оқыўшыларга сапалы билим бериўдиң дәрежесин турақлы бақлап барыў мақсетинде тәжирийбе сыпатында республикамыз бойынша Нөкис қаласы ҳәм районлардан 17 улыўма орта билим бериў мектеплери белгиленип, оқыў жылы даўамында сабақ анализлери өткерилип барылды. Бул жумыслар алып барылған мектеп оқыўшыларынан февраль айында өткерилген мониторинг нәтийжесинде 50,9 процент нәтийже көрсеткен болса, май айында бул көрсеткиш 60,9 процентти қурады.

“Санлы китапхана” (lib.uzedu.uz) системасы арқалы буйыртпа бериў, сабақлықларды мектеплерге жеткерип бериў бойынша модул тәжирийбе-сынаў өткерилди ҳәм усы оқыў жылынан баслап әмелиятқа енгизиледи.

Республикалық билимлендириў орайының пән методистлери тәрепинен ҳәр бир оқыў жылы ушын тастыйықланған  билим дәрежеси жоқары болмаған мектеплерге “Методикалық-тур” Қарақалпақстан тәжирийбеси жойбары тийкарында мәнзилли методикалық жәрдем берилип барылмақта.

Үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы тийкарында, каскад усылы арқалы 6302 педагогтың қәнигелиги арттырылды.

2024-2025-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мәкемелеринде муғаллимлердиң кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Кәсиплик раўажланыў күни» ҳәм «Кәсиплик раўажланыў сааты» илажлары әмелге асырылды. Өткен оқыў жылы даўамында 144 мыңнан аслам баслаўыш класс оқыўшыларының бийпул аўқатланыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан Республикасында 1995 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып барып, 3-7 жасқа шекемги болған 154 544 баладан 130 039 бала қамтып алынып, балаларды бақшаларға қамтыў 84,1 процентке жетти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен 11 муғаллим “Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы” көкирек белгиси, сондай-ақ, форумда тренерлик еткен 15 муғаллим Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.





Илаж мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Форумның даўамы 19-20-август сәнелеринде Нөкис қаласы ҳәм районлар көлеминде ҳәм педагогикалық кеңеслер тәризинде 25-29-август сәнелеринде барлық мектеплерде шөлкемлестириледи.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги