Өзбекстандағы бир топар палестиналы пуқараларға мәмлекетлик ғамқорлық, мийирим-шәпәәт принциплери тийкарында жәрдем бериў системасын жолға қойыў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Инсан өмири, абырайы ҳәм қәдир-қымбатын улығлаў, мүтәжлерге меҳир менен қатнас жасаў, жақсылық ҳәм әдиллик принциплерине садық қалыў динимиз, мәдениятымыз ҳәм дәстүрлеримиздиң ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Соңғы жылларда елимизде мәмлекет ҳәм жәмийет арасында адамгершиликке тийкарланған қатнасықларды жәнеде беккемлеў, мүтәжлерге жәрдем көрсетиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бул ийигиликли бағдарда елимиз ҳәр қандай дәўирлерде өзиниң кеңпейиллиги, мийрим-шәпәәти ҳәм адамгершилик дәстүрлерин көрсетип келмекте. Соның ишинде, Өзбекстанға алып келинген палестиналы пуқараларға (кейинги орынларда – мийманларға) баспана берилиўи ҳәм жәрдем көрсетилиўи халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплескен қәдириятларға садық екенлиги ҳәм мәмлекетимиздиң ҳақыйқый адамгершилик сиясаты әмелде көрсетилип атырғанынан дәрек бермекте.
Мийманларға әдиллик принципи тийкарында турақлы ғамқорлық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўди тәмийинлейтуғын механизмлерди енгизиў мақсетинде қарар етемен:
- Мийманлардың социалласыўын тәмийинлеў
- Мийманлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде төмендеги жумыслар орынланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
а) мийманларды ўақтынша жасаў объектлерине жайластырыў, олардың дәслепки мүтәжликлери бойынша мәселелер шешилди;
б) мйиманларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм зәрүр дәри-дәрмақлар пенен тәмийинлеў илажлары көрилди;
в) мийманлардың жәмийетке интеграцияланыўы ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәдений-ағартыўшылық ушырасыўлар ҳәм дослық кешелери сыяқлы илажларды (соның ишинде, балалар ушын) өз ишине алатуғын арнаўлы бағдарламалар шөлкемлестирилди.
- II. Мийманларды жәмийетке интеграциялаў жумысларын жеделлестириў
- Палестиналы наўқаслар ҳәм оларға жолдас болатуғынларды Өзбекстан Республикасында жасаўға бейимлестириў процесине жәрдем бериў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Республикалық комиссияның тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
а) мийманларға жаратылған имканиятларды әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
б) мийманларды аймақлар кесиминде жайластырыў ҳәм усы илажлар менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиў;
в) мийманларды жәмийетке интеграциялаў менен байланыслы мәселелерди турақлы түрде додалаў ҳәм усы бағдардағы бар тосқынлықларды сапластырыў ҳәм машқалаларды шешиўге қаратылған илажлар көрип барыў;
г) мийманларды қоллап-қуўатлаў бойынша қысқа ҳәм узақ мүддетлерге мөлшерленген усынысларды ислеп шығыў, орынларда әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжелилигин мониторинг етиў.
III. Мийманлардың мүтәжликлерин анықлаў жумысларын шөлкемлестириў
- Республикалық комиссия (С. Умурзақов) бир ай мүддетте мийманлардың мүтәжликлери ҳәм имканиятларын баҳалаў арқалы олардың жәмийетке интеграциясын тәмийинлеў бойынша ҳәр бир шаңарақ ушын зәрүр болған социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў режелерин ислеп шығып, тастыйықласын.
- а) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги (кейинги орынларда – Социаллық қорғаў миллий агентлиги) Республикалық комиссияның жумысшы уйымы есапланатуғыны;
б) мийманлар менен мәҳәлле дәрежесинде тиккелей жумыслар «мәҳәлле жетилиги» ҳәм «Инсан» социаллық хызметлер орайлары тәрепинен шөлкемлестирилетуғыны;
в) мийманлар ушын ислеп шығылған социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў режелери республика ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың бөлимлери ушын мәжбүрий есапланатуғыны белгиленсин.
- IV. Мийманларды социаллық хызмет ҳәм жәрдем менен қамтып алыў
- Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М. Оллоёров):
а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров) пенен биргеликте еки ай мүддетте майыплыққа алып келетуғын кеселликлерге шатылған мийманларға нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген емлениў мүддетине қарамастан майыплықты белгилеў илажларын көрсин;
б) еки ҳәпте мүддетте мимйанларға зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе пуқараларға берилетуғын напақа тайынланыўын тәмийинлесин.
- а) ҳәр бир мийнет жасындағы мийман (I ҳәм II-топар майыплығы болған шахслар буған кирмейди) ушын ҳәр айда минимал пайдаланыў қәрежетлери муғдарында жасаў напақасы енгизилетуғыны;
б) мийманлардың ҳәр бир шаңарағына жасайтуғын мәнзили бойынша турақ жайдың ижара қәрежетлери қаплап берилетуғыны;
в) мийманларға перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа ҳәм жерлеў ушын напақа төлеми Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген муғдарда төленетуғыны;
г) мийманлардың ҳәр бир шаңарағына дәслепки зәрүр қуралларды (шаңарақта ислетилетуғын азық-аўқат емес өнимлериниң топламы) сатып алыў ушын бир мәртелик көтерме пул қосымша түрде төлеп берилетуғыны;
д) мийманлардың шаңарақ ағзалары менен жеке бирге ислесиў ҳәм индивидуал жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, олардың мүтәжликлери ҳәм индивидуал талапларын әмелге асырыў мақсетинде биреўден мәҳәлледеги социаллық хызметкер бириктирилетуғыны белигленсин.
- V. Мийманлардың перзентлерин билимлендириўге тартыў
- Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Э.Каримова):
а) мийманлардың жасайтуғын мәнзиллери бойынша олардың перзентлерин мәмлекетлик имектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине ҳәм мектеплерге жайластырыў;
б) мийманлардың ҳәр бир перзенти оқыў ҳәм тәрбия процесине бейимлесиўи ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплердиң директорларының орынбасарларын бириктириў;
в) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инноациялар министрлиги менен биргеликте билимлендириў шөлкемлеринде мийманлар перзентлериниң бейимлесиўи ҳәм ҳәр тәреплеме камал табыўы бойынша турақлы мониторингти әмелге асырыў илажларын көрсин.
- 9. а) мийманлар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкмелеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминен 2028-жыл 1-январына шекем азат етилетуғыны;
б) мийманлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерге гезекке қойылмаған ҳалда, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары талапнамасы тийкарында жайластырылатуғыны;
в) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 17-январьдағы «2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағыллықты қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-12-санлы қарары шеңберинде мийманлардың перзентлерин мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлерине қосымша билимлендириўге (кәсип-өнер, мәлимлеме технологиялары, жоқары билимлендириў шөлкемлерине таярлаў бағдарында) тартыў ҳәм оларды оқытыў қәрежетлериниң 100 проценти Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны белгиленсин.
- 10. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (К.Шарипов) еки ай мүддетте мийманлардың сырт елде улыўма орта арнаўлы, кәсип-өнер (Профессионал), жоқары билимлендириў, қайта таярлаў ҳәм маманлық арттырыў билимин алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерин тән алыўды тест сынақларысыз ҳәм жыйым өндирмеген ҳалда әмелге асырсын.
- VI. Мийманлардың денсаўлығын қоллап-қуўатлаў
- 11. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров):
а) мийманлардың жасайтуғын мәнзиллери бойынша шаңарақлық шыпакер пунктлери , шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларында есапқа қойылыўын тәмийинлесин;
б) мийманларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиўде кәмбағал шаңарақларға тийисли шасхлар категориясы қатарында жоллама ажыратып барсын.
VII. Мийманлардың бәнтлиги тәмийинлеў
- Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Захидов) Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров) менен биргеликте бир ай мүддетте мийманлардың тилегине бола олардың бәнтлигин тәмийинлеў, заманагөй кәсип-өнерди ийелеўине жәрдем бериў бойынша Республикалық комиссияға усыныслар киргизсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Орайлық банк, АТ «Халық банки» ҳәм басқа коммерциялық банклер исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған мийманларды шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, «Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў», «Бизнеске биринши қәдем» ҳәм «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламалары шеңберинде исбилерменликке тартыў илажларын көрсин. Онда бағдарламалар шеңберинде мийманлар қаржылай жәрдемлерден пайдаланыўы ушын буйыртпалар қабыл етиў ҳәм ажыратылған қаржылардан пайдаланыўды мониторинг етиў ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкирлери тәрепинен әмелге асырылады.
VIII. «Мәҳәлле жетилиги»ниң мийманлар менен ислесиўин шөлкемлестириў
- Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, жаслар ислери агентлиги ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң 2-қосымшаға муўапық мийманларды аўызбиршиликли түрде мәҳәллениң ағартыўшылық орталығына қосыў бойынша «мәҳәлле жетилиги» ҳәм басқа ўәкиллерге қосымша ўазыйпаларды жүклеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы (К.Куранбаев), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров), Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети (З.Махкамова) бир ай мүддетте «мәҳәлле жетилиги» ҳәм басқа ўәкиллерге қосымша жүкленген ўазыйпаларға тийкарынан ишки бағдарламаларды қабыл етсин ҳәм реже-кестеге муўапық зәрүр илажлар көрип барсын.
- IX. Мийманларды қоллап-қуўатлаў илажларын қаржыландырыў ҳәм Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў
- Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мийманлардың мәселелерин шешиў илажларын қаржыландырыў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанында юридикалық тәреп статусысыз арнаўлы қорды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- а) арнаўлы қор төмендеги дәреклер есабынан қәлиплестириледи:
(i) юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайықомлықлары;
(ii) халықаралық шөлкемлердиң грантлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер;
(iii) арнаўлы қордың ўақтынша бос турған қаржыларды коммерциалық банклерге депозитке қойыўдан алынған процент түриндеги дәрамат;
б) арнаўлы қор қаржылары мийманлардың төмендеги мүтәжликлерине бағдарланады:
(i) зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм тийисли хызметлерди шөлкемлестириў;
(ii) түрли қәрежетлерди қаплаў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын көриў;
(iii) материаллық жәрдем көрсетиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў.
- 18. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) арнаўлы қордың қаржыларына ийелтк етиў Республикалық комиссияның қарары тийкарында әмелге асырылады;
б) арнаўлы қордың қәрежетлериниң бағдарларына өзгерислер киргизиў Республикалық комиссияның қарарына муўапық әмелге асырылады;
в) мийманларға физикалық ҳәм юиридикалық шахслар тәрепинен бийғәрез берилетуғын мүлклер (турақ жай ҳәм автотранспорт) жергиликли ҳәкимликлердиң балансына өткерилип, Республикалық комиссиясы тәрепинен басқарылады.
- Бас прокуратура (И.Адхамов) Социаллық инспекция (Х. Кутпиддинов) менен биргеликте усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын турақлы түрде қадағалап барсын.
- 20. Ишки ислер министрлиги (А. Ташпулатов) Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (Б. Курбанов), Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров), Сыртқы ислер министрлиги (Б.Саидов) ҳәм Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) менен биргеликте бир ай мүддетте мийманларға жасаў гүўалығы (ID-карта) рәсмийлестирилиўин ҳәм олардың дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
- 21. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық қорғаў бойынша кеңесгөйи – Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры М.П.Оллоёров белгиленсин.
- Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң стратегиялық раўажланыў бойынша кеңесгөйи С.У.Умурзақовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 14-август