“Умра-2025/26″ның дәслепки зыяратшылары Саудия Арабстанына жол алды

133

Усы жылы 14-август күни “Умра – 2025/2026” мәўсиминиң биринши топар зыяратшылары Ташкент халықаралық аэропортынан Саудия Арабстанына жөнеп кетти. 240 ўатанласымыз Жидда қаласына жол алды.

Ўатанласларымыз дәслеп Мадина қаласында 3 күн, соң Мекке қаласында 7 күн мүбәрек зыяратта болады.

Зыяратшылар заманагөй мийманханаларда жасайды. Оларға 3 мезгил ыссы аўқат, мазалы затлар ҳәм таза мийўелер бериледи.

Умра сапары даўамында зыяратшыларға тәжирийбели жумысшы топар, белгили имам-хатиплерден ибарат топар басшылары, тәжирийбели шыпакерлер жолдаслық етип, зыярат ҳәм ибадатлардың қәтержам өтиўин тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Мекке ҳәм Мадина қалаларындағы муқаддес орынларды зыярат етиў менен бирге, Жидда қаласындағы Қызыл теңизге саяхатқа да алып барылады.

Хамроз Баянов,

ӨзА