Сүйсинип пайдаланылатуғын шоколадлар мәмлекетимизге тийкарынан қай жерден алып келинеди?

129

Шоколад – бул пүткил дүнья бойлап сүйсинип желинетуғын мазалы зат болып, ол тек ғана дәми менен емес, ал денсаўлық ушын пайдалы қәсийетлери менен де белгили. Шоколад какао терегиниң мийўесинен алынатуғын какао лобияларынан таярланады ҳәм әййемги заманлардан берли адамзатқа таныс. Шоколадтың бир неше белгили түрлери бар.

Қара шоколад қурамында көп муғдарда какао болып, кемирек қумшекер қосылады. Бул шоколад түри инсан организми ушын пайдалы болған түрлерден болып, жүректиң ислеўин жақсылайды. Шоколад жеў процесинде әдеттеги емес дәм себепли бул түрди сүйсинип жейтуғынлар да аз емес.

Сүтли шоколад – шоколад ҳәм сүт араласпасынан таярланған болып, бул шоколад түри көпшилик ушын сүйкимли ҳәм таныс.

Ақ шоколад болса какос майы, қумшекер ҳәм сүт тийкарында таярланады, бирақ қурамында какао болмайды. Бул түр көбинесе мазалы затларды безеў ушын да пайдаланылады.

Шоколад көпшиликтиң аўқатланыў рационынан орын алған ҳәм дүнья көлеминде экспорт ҳәм импорт мәселелери жетекши орынларда турады. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың биринши шерегинде Өзбекстан 29 мәмлекеттен баҳасы 31,4 миллион АҚШ долларына тең болған 9,9 мың тонна шоколад ҳәм шоколад өнимлерин импорт еткен. Бул өнимниң импортын мәмлекетлер кесиминде есапласақ, ең үлкен үлес, яғный 7 мың 528 тонна Россия аймағына туўра келеди. Сондай-ақ, Нидерландия, Украина, Қазақстан, Франция сыяқлы мәмлекетлерден шоколад өнимлери үлкен муғдарда импорт етилген.

Илимпазлар тәрепинен шоколадтың инсан организми ушын бир неше зыянлы тәреплери анықланған. Бирақ нормаға әмел етилсе, шоколадтың қәўиплилик дәрежеси дерлик жоғалады. Бул мазалы өним тек ғана муҳаббат ҳәм меҳир тымсалы емес, ал, мәденият, тарийх ҳәм заўық дәреги  болып есапланады. Ол инсанның кейпиятын көтереди, қуўат береди ҳәм турмысты және де жағымлы етеди. Бирақ денсаўлықты умытпай, оны өз орнында пайдаланыў да әҳмийетли.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА