“Янгиланаётган Паркент” китабы баспадан шықты

164

Мәмлекетимиз басшысы халқымыз мәплери, оның абаданлығы елимизде алып барылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети екенин айрықша атап өтип келеди. Мине, усы ийгиликли идея өз тәғдирин Ўатан тәғдири менен байланыстырып, мийнет етип атырған ҳәр бир ўатанласымыздың сана-сезиминде көзге тасланады. Жақында “Өзбекстан” баспасында басып шығарылған “Янгиланаётган  Паркент” атлы китапта да әне усы тәреплер өз көринисин тапқан. Онда жанажан Өзбекстанымызда болып атырған үлкен жаңаланыў ҳәм өзгерислер гөззал Паркент районы мысалында әпиўайы, сулыў көркем сүўретленген.

 Өзиниң бийтәкирар тәбияты, жағымлы ҳаўасы, интасы ҳәм мийнеткеш адамлары менен жерлеслеримизди таң қалдырып, ҳәўесин келтирип атырған Паркент районында соңғы жылларда халықтың аўырын жеңил ететуғын, қыйыншылығын жеңиллестиретуғын, адамлардың турмысын жақсылайтуғын, өмирден разы болып жасаўға хызмет ететуғын жаңа реже ҳәм бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 18-июнь күни усы районға гезектеги сапары даўамында Паркент кескин унамлы өзгерислер, реформалар дәўирине қәдем қойғаны, бул гөззал жерди және де раўажландырыў ушын жаңа күш ҳәм имканиятлар жумсалып атырғанына халқымыз гүўа болды.

“Янгиланаётган Паркент” атамасындағы топламда Президентимиздиң Паркент районына сапары ўақтында билдирген пикирлери, жуўапкерлер алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпалар “Паркентти ең гөззал ҳәм абат орынлардан бирине айландырамыз” атамасы менен усыныс етилген. Онда районда заманагөй турақ жай массивлери, өндирис кәрханалары, туристлик комплекслер, социаллық объектлерди қурыўға байланыслы жойбарлар, Паркенттиң келешектеги келбети қандай болатуғыны ҳаққында анық факт ҳәм мағлыўматлар тийкарында билдирилген пикирлер ҳеш кимди бийпәрўа қалдырмайды.

Тек ғана Паркент емес, ал елимиздеги усы гөззал орынға уқсаған Замин, Бахмал, Сариосиё, Китаб ҳәм басқа да районлардың имканиятларынан үнемли пайдаланыў, сол арқалы елимизди және де абат, халқымыздың турмысын абадан етиўге байланыслы әмелий усыныс ҳәм басламалар китап оқыўшыларында үлкен қызығыўшылық қалдырады.

Китапта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Абдуманноп Бўриев, Өзбекстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, журналист Раҳматилла Шералиев, район ҳәкими Сардор Исоқулов, Өзбекстан халық шайырлары Сирожиддин Саййид, Маҳмуд Тоир, дөретиўшилер Ғайрат Шералиев және Тўхтамурод Ҳасанбоев, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери  Шарифа Салимова, “Ғунча” журналының бас редакторы, шебер журналист ҳәм жазыўшы Дилфуза Шомаликова, Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Зоҳиджон Олов сыяқлы дөретиўшилердиң Паркент ҳаққындағы ҳәм аналитикалық, ҳәм қызғын мақалалары, қосықлары менен танысыў мүмкин.

Китаптың “Шайырлар нәзеринде жаңлаған Паркент” бөлиминде елимиздиң усы сулыў мәканына бағышланған қосықлар менен танысасыз. “Паркент жаслары – Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери” деп аталған бөлимде болса елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған паркентли жаслар ҳаққында мағлыўматлар келтирилген. Реңли фотосүўретлер китаптың және де тартымлы, турмысқа сай болыўын тәмийинлеген.

Бир сөз бенен айтқанда, “Янгиланаётган Паркент” китабы елимизде болып атырған шексиз жаңаланыўлар, халқымыздың сана-сезиминде жүз берип атырған өзгерислерди өзинде сәўлелендириўи менен дыққатқа ылайық.

 

Назокат УСМОНОВА, ӨзА хабаршысы