Енди тоқымашылық шынжырындағы барлық кәрханаларға социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленеди

146

Коммерциялық кредиттен 2,2 миллиард доллар миннетлемеси бар болған 144 кәрхананы саламатландырыў илажлары ислеп шығылады. Жумысын турақластырыў мүмкин болған кәрханалардың кредит мүддети 7 жылға шекем создырып бериледи.

Сондай-ақ, пахтаны өз ўақтында, зая етпей жыйнап алыў ушын фермерлерге тоннасына 1 миллион сумнан субсидия бериледи. Кәрханалар өз қаржысы есабынан пахта жетистирсе ямаса сатып алса, шийки зат баҳасының 10 проценти қаплап бериледи.

Енди тоқымашылық шынжырындағы барлық кәрханаларға социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленеди.

Онда, социаллық реестр бойынша талап бийкар етиледи, реализацияда тоқымашылық үлесине талап болса 90 проценттен 70 процентке түсириледи.

Экономика ҳәм қаржы министрлигине талшық, ийирилген жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыўшы кәрханалар ушын да бул салықты жеңиллетиў бойынша усыныс киргизиў тапсырылды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА