Регионның глобал логистикадағы роли күшейеди

Бүгин ӨзЛиДеП фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Онда дәслеп мәмлекетимиз басшысының 5-август күни Түркменбашы қаласындағы “Аваза” миллий туризм аймағында болып өткен БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясында қатнасыўы ҳәм онда алға қойылған усыныс-басламалардың регионымыз ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы әҳмийети ҳаққында сөз болды.
Атап өтилгениндей, Президентимиз халықаралық транспорт коридорлары ҳәм инфраструктураны жедел раўажландырыў тийкарғы бағдар екенин атап өтти. Тийкарғы жойбарлардан бири Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан темир жолының қурылысы болып есапланады. Оның Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан магистралы менен байланысыўы жаңа саўда-экономикалық мәкан ушын тийкар жаратады ҳәм регионның глобал логистикадағы ролин күшейтеди.

Форум келисимлерин әмелге асырыў барлық мәмлекетлердиң географиялық өзгешеликлерине қарамастан, мәплерине жуўап беретуғын дүнья көлеминдеги әдил, турақлы ҳәм инклюзив системаны қәлиплестириўге жәрдем беретуғыны атап өтилди.
Буннан соң фракция мәжилисинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның 2025-жылдың биринши ярым жыллығында орынланыўы бойынша есабат және бир қатар нызам жойбарлары қызғын додаланды.

Атап айтқанда, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына Өзбекстан Республикасында электрон коммерция тараўын жетилистириўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары электрон коммерция операторларының жумысын баслағаны ямаса тамамлағаны ҳаққында хабардар етиў тәртиби менен байланыслы нызамшылықтағы бослықларды сапластырады.
Сондай-ақ, электрон коммерцияны раўажландырыў бойынша қосымша нызам ҳүжжетлерин соңғы өзгерислерге муўапықластырыўға жәрдем береди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА