“ПАХТАКОР-79” апатшылығына 46 жыл толды

204

Бүгин, 11-август – өзбек футболы тарийхындағы ең қайғылы күн. 1979-жылдың тап усы күни “Пахтакор” командасы ағзалары Днепродзержинск аспанында авиаапатшылыққа ушыраған еди.

Сол күни Ташкент-Гурев-Донецк-Минск жөнелисинде ушып баратырған ТУ-134 самолёты Челябинск-Кишинёв рейсин әмелге асырып атырған усы маркадағы басқа бир лайнер менен 8400 метр бийикликте соқлығысты.

Соқлығысыў нәтийжесинде еки самолёттағы 178 адам қайтыс болды. Олардың арасында “Пахтакор”дың 17 футболшысы да бар еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги