Исм – аўызша идентификация

191

Инсан өмириндеги ең биринши ҳәм ең әҳмийетли социаллық белгилеринен бири – оның исми. Исм – тек ғана шақырыў қуралы емес, ал руўхый мийрас, тарийхый естелик, миллий руўх ҳәм шахстың бир бөлеги. Әзелден ата-бабаларымыз ат қойыўда өзине тән үрп-әдет, дәстүр ҳәм белгилерди қәлиплестирген. Бүгинги күнде болса глобалласыў, мәдениятлараралық қарым-қатнас ҳәм ғалабалық мәденият тәсиринде ат таңлаўда жаңаша қатнаслар пайда болмақта. Сонлықтан, ат қойыў мәдениятын таллаў – тек ғана тил билими емес, ал тарийх ҳәм мәденияттаныў көзқарасынан да әҳмийетли.

Өзбек халқының ат қойыў мәденияты әййемги түркий, ислам ҳәм жергиликли дәстүрлердиң синтези тийкарында қәлиплескен. Әййемги түркий дәўирде мәртлик, күш-қүдирет ҳәм тәбият қубылысларын билдириўши атлар: Алп, Толқын, Боран сыяқлы атлар қойылған.

Жергиликли-мәдений қатлам – ана журт, миллий тәбият ҳәм қәдириятлар менен байланыслы Нәўбәҳәр, Қуўаныш, Алтынай, Ақылбек сыяқлы атлар да өз ўақтында оғада кеӊ тарқалған. Дин тәсири арқалы Муҳаммед, Айша, Оспан, Пәтима, Юсуф сыяқлы исмлер де жүдә ен жайды.

Тарийхый жақтан ат таңлаўда баланың жынысый өзгешелиги, туўылған ўақты, байрамлар, мәўсимлер, ата-ананың арзыў-нийетлери ҳәм шаңарақлық дәстүрлер әҳмийетли роль атқарған.

Исмлер социаллық-мәдений келип шығыўын билдириўши шахстың идентификациясы болып есапланады. Ол арқалы инсанды жәмийет таныйды. Бирақ ат қойыў процесинде айырым шаңарақларда бул теорияларға пүткиллей итибар бермей атырғандай. Тарийхтан, бул машқалалар Беҳбудий мақалаларында да ушыраған. Беҳбудий Ташқул, Ташбай, Турсынқул сыяқлы атларда мәнисизлик шыңына шыққанын келтирип өткен еди. Ақыры исм бир инсанның өмирлик аты ҳәм оған ақылсызлық пенен қатнас жасаў өмирлик руўхый түскинликке алып келмей ме екен?

Соңғы жыллары ат қойыў мәдениятында ғалаба мәденият тәсири – фильмлер, сериаллар ҳәм белгили адамлардың атлары себеп болмақта. Глобалласыў себепли инглис, рус, түрк тиллес, халық аралық айтылыўға сәйкес атлар да көп ушырасады. Айырым шаңарақлар болса миллий қәдириятларға қайтып, Темур, Бабур, Жәҳәнгир, Омаршайх сыяқлы инсанлардың атларын бериў арқалы уллы тарийхый шахсларға ермекте.

Бул процессте мәнис-мазмунға итибарсызлыққа жол қойылатуғын жағдайлар да ушыраспақта. Айырым заманагөй атлар шырайлы еситилсе де, мәниси белгисиз ямаса унамсыз болыўы да мүмкин.

Айтылыў ҳәм жазыўдағы анықсызлық болса – паспорттағы ат пенен аўызша айтылыўдың парқы арқалы қолайсызлық келтирип шығарыўы мүмкин.

Миллий өзлигимизден узақласыў ҳәм ҳәдден тыс батысша ямаса жат атамалар миллий дәстүрлердиң төменлеўине алып келиўи де мүмкин.

Ат қойыў мәденияты – халықтың тарийхый естелиги, руўхый дүньясы ҳәм эстетикалық көзқарасларының айнасы. Бул процессте ата-аналардың жуўапкершилиги жүдә үлкен. Олар ат таңлаўда мәнисине, миллий ҳәм диний сәйкеслигине, айтылыў қолайлығына итибар бериўи керек. Миллий дәстүр ҳәм заманагөйлик үйлескен ҳалда, ҳәр бир исм өз ийесине мақтаныш ҳәм руўхый күш бағышлайтуғын мийрас болып қалыўы керек.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА