Қарақалпақстанда IT қалай раўажланбақта? Эксклюзив интервью

Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасында мәлимлеме технологиялары тараўына болған итибар кескин артып атырғаны ҳәммеге белгили. Бул процесс тек ғана тараўдың раўажланыўына емес, ал мыңлаған жаслардың келешегине де унамлы тәсир етпекте. Нөкис қаласының орайында бой тиклеген 17 қабатлы заманагөй IT Парк имараты мине усы раўажланыўдың айқын үлгиси болып есапланады. Онда тек ғана жергиликли емес, ал халықаралық компаниялар да жумыс алып барыўы режелестирилген.
Бизиң бүгинги қаҳарманымыз – Алпамыс Адилбеков, Қарақалпақстандағы IТ Парктиң стартаплар бойынша бас менеджери, жаслар ушын илҳам дереги, өз жолын өз бетинше таба алған программист ҳәм менеджер.
Бир жигиттиң IТ саяхатнамасы
– IT тараўына қалай кирип келдиңиз?
«Бул тараўға университетте оқып жүргенимде қызығыўшылық басланған. Компьютер саўатлылығы курсларында оқып, кейин фронтенд, яғный веб-сайтлар бетине ислейтуғын программаластырыў тараўын үйрендим. Компьютер оңлаўды да үйрендим, ҳәттеки сервис орайларында шәкиртликке түстим..»
Технологияларға қызығыўшылығы оны стартапларға алып келди. IТ Парк тәрепинен өткерилген Идеатҳон ҳәм Ҳакатон таңлаўларында қатнасып, дәслепки тәжирийбелерин арттырды. Кейин Инкубация бағдарламасында 2 ай даўамында оқып, стартаплар, грантлар ҳәм бизнес жүргизиў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.

– Кейин не болды?
«Команда дүздик. Жас программистлер менен биргеликте «Jumıs app» атлы стартап ислеп шықтық. Демодай таңлаўында қатнастық. 10 миллион сумлық грантқа талабан болдық, бирақ өте алмадық.»
Буннан кейинги әҳмийетли басқыш – БМШ Раўажланыў бағдарламасының (ПРООН) стартаплар таңлаўында қатнасыў. Бул таңлаўда команда 3000 АҚШ доллары муғдарында грант утып алды. Таңлаў даўамында Россия ҳәм Әзербайжаннан менторлар сабақ берди, қәнигелер менен тиккелей сөйлесиў имканияты болды.

Бүгинги жумыс ҳәм режелер
– Ҳәзир қандай жумыс пенен шуғылланып атырсыз?
«Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстандағы IТ Парктиң стартаплар бойынша бас менеджери сыпатында жумыс алып барып атырман. Нөкистеги жаңа IТ Парк имараты Ташкенттеги сыяқлы, заманагөй жойбар тийкарында қурылған. Бул жерде ҳәр қандай IТ жумысы ушын барлық шараятлар жаратылған.»
Алпамис ҳәзирги ўақытта жаслар ушын Инкубация бағдарламасын баслап, оларды стартапқа таярлаў, қаржыландырыў ҳәм табысқа жетеклеў ушын турақлы түрде жумыс алып бармақта.

– Бул тараў арқалы қанша дәрамат табыў мүмкин?
«Тил билиў (рус, инглис) тийкарғы шәрт. Егер тил болса, 1000$ әтирапында буйыртпаларды қабыллаў мүмкин. Орташа 500-600 доллар табыў мүмкин. Әсиресе, СММ, мобилография ҳәм дизайн бағдарлары ғалаба ен жайған.»
– IТ тараўы жасларға қандай имканият береди?
«Мен алдын банк тараўында иследим. Ол жерде қатаң график бар. Бирақ, ИТ тараўында еркинлик бар – қәлеген ўақытта, қәлеген жерден жумыс ислеў мүмкин. Бул үлкен абзаллық.»

Келешекке нәзер
– Ендиги режелериңиз қандай?
«Мен магистратураны Италияда даўам еттирмекшимен. Менеджмент бағдарында оқып, және де күшлирек қәниге болмақшыман.»
– 5-10 жылдан кейин Қарақалпақстанда IТ тараўын қалай көз алдыңызға келтиресиз?
«Жалпы ишки өним артады. Экспорт-импорт жумысы жеделлеседи. Сырт ел компаниялары көбейеди. Көбирек жумыс орынлары жаратылады, дәрамат табыў имканиятлары артып барады.»
– Ҳәзирги машқалалар ҳаққында не?
«Шараятлар бар, бирақ тийкарғы машқала – кадрлар жетиспеўшилиги. Буны шешиў ушын жаслар оқыўы, раўажланыўы ҳәм өз үстинде ислеўи керек.»
Қысқа сораўлар – тез жуўаплар
ТОП IТ мәмлекетлер?
– Қытай, АҚШ, Германия.
Өмирдеги сүрениңиз?
– «Айды гөзле. Егер адассаң да жулдызлар арасында қаласаң.»

Ең үлкен мақсетиңиз?
– Келешекте елимизде ири компаниялар ашыў ҳәм жәмиетке пайдалы болыў.
Алпамыс Адилбеков – тек ғана IТ тараўындағы қәниге емес, ал жаслар ушын илҳам дәреги де болып есапланады. Оның турмыслық тәжирийбеси Қарақалпақстанда имканиятлар бар екенлигин, тек олардан дурыс пайдалана билиў керек екенлигин дәлиллейди.
Кейинги қаҳарман ким болсын?
Сиз Қарақалпақстандағы және қайсы алдынғы жаслар менен интервью оқыўды қәлер едиңиз? Комментарияда өз усынысыңызды қалдырың ҳәм жойбарды бақлаўда даўам етиң!
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери