Қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм санлы инновациялар – заман талабы

Бүгинги глобалласыў ҳәм санлы технологиялар әсиринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй технологиялардан пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте Ишки ислер министрлиги жуўапкер хызметкерлери тәрепинен халықаралық бирге ислесиў жолында бир қатар әҳмийетли ушырасыўлар өткерилди.
Атап айтқанда, Сингапурдың “Polytron.AI” ҳәм “Vizzio Technologies” компанияларының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыў даўамында жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын интеллектуаллық видеобақлаў системаларын енгизиў, олардың нәтийжелилигин арттырыў, қәўипсизлик илажларын күшейтиў сыяқлы мәселелер додаланды. Тәреплер жоқары анықлықтағы видеобақлаў камералары арқалы қәўиплерди анықлаў ҳәм профилактикалық илажларды күшейтиў бойынша пикир алысты.

Ишки ислер министрлиги жанындағы “Қәўипсиз қала” системаларын раўажландырыў орайының басшылары ҳәм қәнигелери Huawei компаниясының Өзбекстандағы офисиниң жумысы менен жақыннан танысты. Ушырасыўда жасалма интеллект, заманагөй байланыс технологиялары, мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм сақлаў және санлы шешимлерди енгизиў бағдарларында презентациялар көрсетилди.

Ҳәр еки ушырасыў даўамында тәреплер өз-ара тәжирийбе алмасыў, технологиялық бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес инновациялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша келисимлерге еристи.

Бундай халықаралық бирге ислесиў қәўипсизлик системаларын жетилисириў менен бирге, мәмлекетлер арасындағы дослық қатнасықларды да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтиў зәрүр.
Дилдора ДЎСМАТОВА
ӨзА