Жас өспирим балалардың қорғалыўы тәмийинленеди

135

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде “Балаларды социаллық қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары додаланды.

Бул жойбар менен 20 нызам ҳүжжетине тийисли өзгерислер киргизилмекте. Жас өспиримлерге ғамхорлық ҳәм қәўендерлик уйымы етип “Инсан” социаллық хызметлер орайлары белгиленбекте. Сондай-ақ, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық бойынша “Инсан” социаллық хызметлер орайлары және Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери белгиленбекте.

Буннан тысқары, сырт елде жетим ямаса ата-ана қарамағынан айырылған Өзбекстан Республикасының пуқарасы болған жас өспирим балаларды ўатанға қайтарыўда консуллық мәкемелериниң ролин арттырыў бойынша өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине жас өспиримлердиң жынаятлары ҳаққындағы ис жабық суд мәжилисинде көрилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги, атап айтқанда, “Инсан” социаллық хызметлер орайларының жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў ушын ҳуқықый тийкарлар жаратылады. Жас өспирим балалардың ата-аналары, тәлим-тәрбия ҳәм медицина мәкемелериниң хызметкерлери тәрепинен оларға ғамхорлық көрсетпеўден ямаса зорлықтан қорғаў тәмийинленеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА