Жоқары мағлыўмат статус емес, жуўапкершиликли жол таңлаўы

275

Жоқары билим алыў – бул тек ғана жоқары оқыў орнына кириў ямаса диплом алыў емес. Бул инсанның өмирде тутқан орны, жәмийеттеги әҳмийети ҳәм келешектеги бағдарын белгилейтуғын әҳмийетли басқыш болып есапланады. Бүгин мәмлекетимизде жоқары билимлендириўге болған қызығыўшылық сезилерли дәрежеде артқан. Бул болса бир тәрептен қуўанышлы жағдай болса, екинши тәрептен тереңирек таллаў ҳәм жуўапкершиликли қатнас жасаўды талап етеди. Әсиресе, дурыс кәсип таңлаў, жәмийетке пайдалы болыў ҳәм мийнет базарындағы тең салмақлылық көзқарасынан көрип шығыў зәрүр.

Жоқары мағлыўмат инсан ушын көплеген есиклерди ашады. Мәселен: билим алыў, илимий излениў алып барыў, социаллық абырай арттырыў, қарым-қатнас шеңберин кеңейтиў, сырт елде оқыў ямаса ислеў сыяқлы жоллар әйне жоқары билимлендириў тийкарында қәлиплеседи. Бирақ бул имканиятлар тек ғана диплом ийесине емес, билими, тәжирийбеси, кәсибине садық болған инсанларға ғана хызмет етеди.

Тилекке қарсы, айырым жаслар елеге шекем жоқары оқыў орнына кириўди “статус”, “жәмийетте тән алыныў” қуралы сыпатында қабыл етпекте. Бундай көзқарас болса тек ғана өзин емес, ал оқыў процесинде имканиятларды, ўақытты ҳәм мәмлекет қаржыларын нәтийжесиз жумсаўға алып келеди.

Бүгин мәмлекетимизде жүзеге келип атырған әҳмийетли машқалалардан бири жаслардың кәсип таңлаўдағы надурыс қатнасы болып есапланады. Ата-ананың басымы, жәмийеттеги стереотиплер ямаса белгилиликке ерисиў ақыбетинде көплеген жаслар өзлериниң қызығыўшылықларына сәйкес келмейтуғын тараўларда билим алмақта. Нәтийжеде оқыўды тамамлағаннан кейин, өз тараўында ислемейди ямаса улыўма басқа тараўға өтиўге мәжбүр болады.

Ҳақыйқый жоқары мағлыўмат – бул инсанды өз кәсибине пидайы, дөретиўши ҳәм жәмийетке пайдалы шахсқа айландырады. Медицина бағдарын питкерген шахс наўқасларға жәрдем береди, журналист – ҳақыйқатты сәўлелендиреди, инженер – ойлап табады, муғаллим болса әўладлар тәрбиясы менен шуғылланады. Соның ушын да ҳәр бир жоқары мағлыўматлы инсан өз тараўында қәниге болыўы ҳәм жәмийетке әмелде пайда келтириўи зәрүр.

Өзбекстанда ҳәр жылы 200 мыңнан аслам студент жоқары билимлендириў мәкемелерин тамамлайды ҳәм мийнет базарына кирип келеди. Бирақ ҳәммеси де өз қәнигелигинен келип шығып жумысын даўам еттирип атыр ма, жоқ па – бул айрықша мәселе.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде университет ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Каръера орайлары шөлкемлестирилген. Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң Миллий вакансиялар базасында (ish.mehnat.uz) “Студентлер ушын жумыс” айрықша функционалы енгизилген.

Бундай шараятлар нур үстине нур, әлбетте. Бирақ ҳәзирги заманда көпшилик жоқары оқыў орнында билим алыўы мүмкин ҳәм соның ушын да жумыс мәселесинде тек ғана диплом менен емес, потенциал, билим ҳәм көнликпелер сыяқлы тәреплер де есапқа алынады. Соның ушын, ҳәр бир бакалавриат ямаса магистратура басқышында билим алып атырған студентлер бәринен бурын өзи ушын бағдарды жақсылап таңлап алыўы керек. Жоқары билимлендириў – бул тек ғана билим алыў емес, ал таңлаған бағдарында жәмийетке пайда келтириўдей жоқары мақсетти гөзлеў. Инсан өз кәсибин дурыс таңласа, өзин онда тапса ҳәм садықлық пенен ҳәрекет етсе, тек ғана өзиниң емес, ал пүткил жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосады. Диплом – әпиўайы қағаз емес, ол арқалы жәмийет алдындағы жуўапкершилик баслап бериледи. Солай екен, ҳәр бир студент, ҳәр бир жас дипломды емес, диплом арқалы жәмийетке хызмет етиў идеясын мақсет етиўи зәрүр.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА