Админстрацияда тайынлаўлар

4221

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен:

Камолиддин Карамиддинович Мардонов  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў департаменти баслығының биринши орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы аграр тараўда өндирис, дәраматларды көбейтиў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша басламаларды ислеп шығыў секторының баслығы лаўазымынан босатылды;

Улуғбек Умаралиевич Ханаев  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў департаменти баслығының орынбасары – Бас юрисконсульт лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў мәселелери бойынша кеңесгөйиниң биринши орынбасары – Бас юрисконсульт лаўазымынан босатылды;

Элдор Отамуродович Ҳамроев  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў департаменти баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жер қатнасықлары ҳәм жеке меншик мүлкти қорғаў тараўында әҳмийетли басламаларды ислеп шығыў секторының баслығы лаўазымынан босатылды;

Азиз Хасанович Азимов  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм нызам үстинлиги бойынша департамент баслығының биринши орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм жәмийетлик жойбарлар бойынша секторының бас консультанты лаўазымынан босатылды;

Сергей Николаевич Гордеев  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм нызам үстинлиги бойынша департамент баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ишки ислер ҳәм бажыхана уйымларының жумысын муўапықластырыў секторының баслығы лаўазымынан босатылды;

 Гулрухсор Кудратовна Хатамова  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаменти баслығының биринши орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәм таллаў секторының баслығы лаўазымынан босатылды;

Фаррух Фарходжонович Омонов  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаменти баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы мәлимлеме тәмийнаты ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар секторының баслығы лаўазымынан босатылды;

Рустам Равшанович Мирзаев  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаменти баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси аппараты комплексли мәлимлеме- үгит-нәсиятлаў ҳәм идеологиялық илажларды әмелге асырыў секторының баслығы лаўазымынан босатылды.

ӨзА