Баслы мақсет-халықтың абаданлығын тәмийинлеў

127

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, республикамызда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Әсиресе, «Ҳудудий электр тармақлари» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен халықтың электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар мақтаўға ылайық.

Президентимиздиң бул қарарының Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында орынланыўын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде, «Ҳудудий электр тармақлари» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

-Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги 330-санлы қарары тийкарында, республикамыз бойынша 87 мәҳәлледе 9356 темир бетон бағаналарын, 398,1 км узынлықтағы электр узатыў тармақлары ҳәм 88 трансформатор пунктлерин реконструкциялаў ҳәм жаңа қурылыс жумысларын жүргизиў режелестирилген,-дейди бизге «Ҳудудий электр тармақлари» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан аймақлық филиалының баспасөз хаткери Қәллибек Нағметов.-Бүгинги күнге шекем соннан 9 мыңнан аслам темир бетон бағаналары қурылып, 381,3 км аралықтағы электр линиялары тартылды ҳәм 82 трансформатор қурып берилди.

– Ҳәзирги ўақытлары Телеорай мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 5 көшеге заманагөй сив кабельлер тартып, бир орынға жаңадан трансформатор қурып атырмыз,-дейди Нөкис қалалық электр менен тәмийинлеўши кәрханасының устасы Батыйхан Мамбетназаров.-Бул жерде бурын хожалық санының көплиги ҳәм электр линияларының тозғанлығы себепли, хожалықларға жетерли күшлениўдеги электр энергиясын жеткерип бериў қыйын еди. Енди жаңа линиялардың тартылыўы ҳәм трансформатордың қурылыўы менен халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў жақсыланады.

-Хожели районы бойынша 25 мың 700 хожалықты электр энергиясы менен тәмийинлеймиз,-дейди Хожели районлық электр менен тәмийинлеўши кәрханасының баслығы Шухрат Нарбаев.- Районымыз бойынша Әмиўдәрья, Сарышүңгил, Қумжыққын, Саманкөл аўыл пуқаралар жыйынлары, Шағалакөл ҳәм Күн Нуры мәкан пуқаралар жыйынлары аўыр аймақларға киргизилип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, усы аймақларда 1015  темир бетон бағаналары орнатыў, 25,9 км аралыққа электр линияларын тартыў ҳәм 7 трансформатор қурыў белгиленген. Соннан бүгинги күнге шекем 782 темир бетон бағаналары орнатылып, 25,8 км аралыққа электр линиялары тартылды ҳәм 6 трансформатор қурылды. Қалған жумысларды жақын күнлер ишинде жуўмақлап, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсилиги байрамына саўға етиўди мақсет етип қойыппыз.

Өткерилген пресс-тур даўамында журналистлер тийисли тараў қәнигелерине бир қатар сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.