6 айда қанша исбилерменлик субъекти дизимге алынған?

130

Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз экономикасыныӊ  раўажланыўында, жаӊа жумыс орынларыныӊ  жаратылыўы ҳәм халықты жумыс пенен бәнт етиўде үлкен әхмийетке ийе. Соӊғы жылларда мәмлекетимиз Президенти тәрепинен исбилерменлерге қаратылып атырған итибар нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери өз алдына қойған мақсетлерине еркин, қыйыншылықсыз ерисип келмекте. Себеби исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жәрдем бериў бойынша ҳукиметимиз тәрепинен бир қанша жеӊилликлер ҳәм қарарлар шығарылған.

Қарақалпақстан Республикасында 2025 жылдыӊ  январь-июнь жағдайына 1995 кәрхана ҳәм шөлкемлер (Дийқан ҳәм фермер хожалықларысыз) тазадан ашылған болып, олардан  1744 и киши бизнес субъектлери болып есапқа алынған. Мүлкшилик түри бойынша басым көпшилиги, яғный 1560 ы жуўапкершилиги шекленген жәмийет, 54 и шаӊарақлық кәрхана, 24 и жеке кәрхана, 106 сы өндирислик  кооперативлер сыпатында дизимнен өткен.

Сондай-ақ, 33 493 кәрхана дизимге алынған. Соннан ҳәрекеттеги 22 973 кәрханалардан саўда тараўында  6940 (үлеси 30,2%),

Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 2681 (11,7%),

Санаат тараўында 2557 (11,1%),

Қурылыс тараўында 1546  (6,7%),

Турмыслық ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўларында 1328 (5,8%),

Тасыў ҳәм сақлаў тараўында 820 (3,6%),

Мәлимлеме ҳәм байланыс тараўларында 439 (1,9%),

Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиўде  665 (2,9%),

Басқа хызмет түрлеринде 5997 (26,1%) кәрхана экономикамызда өз үлесин қосып атыр.

2025-жылдың 1-апрель жағдайына хәрекеттеги сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 176 ны қурайды. Олар Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы, Қубла Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң қатнасыўындагы сырт ел инвестор  кәрханалары болып есапланады.

2025-жылдың январь-июнь айына 26 сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалар жаңадан ашылғанлығын көриўимизге болады.

Бисенбай Дарибаев, 

Статистика басқармасының санластырыў ҳәм

статистикалық регистрлерди жүргизиў бөлими бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.