Қурылыс тараўы – экономиканың әҳмийетли бағдары

Қарақалпақстан Республикасында курылыс тараўы жедел раўажланып баратырған экономикамыздың әҳмийетли бир бағдары болып есапланады.
Республикамызда 2025-жылдың январь-июнь айлары даўамында жәми 4 618,8 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өсим пәти өткен жылдын усы даўирине салыстырғанда 105,7 процентти қурады.
Қурылыс жумыслары көлеминиң қурамына ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумыслары 395,5 млрд. сумды қурап, өсим пәти 83,4 процентке ерисилди, ал жәми қурылыс жумыслары көлеминдеги үлеси
8,6 процентти қурады.
Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 55,8 процентти қурап, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 2578,4 млрд. сум муғдарында болып, өсим пәти 111,1 процентке ерисилди.
Рәсмий болмаған сектор есабына туўра келген қурылыс жумыслары жәми қурылыс жумысларының 35,6 процентин қурап, 1644,9 млрд. сум муғдарында болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим пәти 104,3 процентке ерисилди.
Əмелге асырылған қурылыс жумысларының баcым бөлеги жаңа жай ҳәм имáратлар қурыўға бағдарланған. Жәми қурылыс жумысларының 72,5 проценти яки 3 347,7 млрд. сумлық қурылыс жумыслары экономикамызда жаңа өндирислик қуўатлылықларын, турақ жай ҳәм басқа социаллық тараў объектлерин жаратыўға қаратылған.
Қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткиши Нөкис қаласы (19,7%), Төрткүл (8,5%), Елликқала (5,9%), Беруний (4,9%) районлары үлесине туўра келди.
Д.Абдуллаева,
Статистика басқармасының Инвестиция
ҳәм қурылыс статистикасы бөлими бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.