Аўылларда да исбилерменлер көбеймекте

«Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!»

Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны Қараөзек районындағы ең ири елатлардың бири болып, бүгинги күни жыйын аймағындағы 1296 хожалықта 6600 ден аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Аймақта 3 улыўма орта билим бериў мектеби, 2 мәмлекетлик, 3 жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 21-санлы шаңарақлық поликлиника ҳәм 20-санлы «Жулдызша» Мәденият орайы жайласқан. Жыйын турғынлары тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады.

Деген менен, соңғы жыллары мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, бул елатта да исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар саны көбейип бармақта. Тийкарынан боян егип жетистириў, оның тамырын қайта ислеў ҳәм оларды экспорт етиўге қәнигелескен «Қараөзек Агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети усындай кәрханалардың бири болып табылады.

-Жәмийетимиз 275 гектар жер майданына ийе,-дейди усы кәрхананың ис жүргизиўшиси Нурнияз Юсупов.-Бул жерлерде тийкарынан боян өсимлиги өсириледи. Быйылғы жылы Қубла Кореяға 120 тонна боян тамырын жеткерип бериў бойынша өз-ара шәртнама дүзгенбиз ҳәм ҳәзирги күнлери шәртнаманы орынлаў мақсетинде, қызғын жумыслар алып бармақтамыз. Бул жумысларға 15 тен аслам жумысшылар қатнаспақта. Соның менен бирге, әйне ўақытлары 30 гектар жерге боян өсимлигин егиў ушын жерлерди таярлап атырмыз.

-Мине алты жылдан бери усы кәрханада жумыс ислеймен,-дейди аймақ турғыны Сапура Хожаназарова.-Өзимниң кәсибим өзиме унайды. Күнине 8 саат жумыс ислеп, үйимизге қайтамыз. Айлықларымыз да өз ўақтында берилип тур. Буның ушын кәрхана басшыларына рахмет айтаман.

Сондай-ақ, усы жыйын аймағында жумыс алып барып атырған халыққа хызмет көрсетиўши «Замира тигиўши» ҳәм «Шегебай ата» жәмийетлери де усындай исбилерменлик субъектлерден болып есапланады.

-Ҳәзирги ўақытта жәмийетимизде 5 ҳаял-қыз жумыс ислейди,-дейди усы жәмийет баслығы Замира Рамбергенова.-Кәрханамызда тийкарынан ҳаял-қызлар кийимлери тигиледи. Соның менен бирге, жәмийетимизде үйинде бос отырған ҳәм тигиўшиликке ықласы бар ҳаял-қызларды кийим-кеншек тигиўге үйретип атырмыз.

-Аймағымызда халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, жасларды исбилерменликке тартыў  бойынша көплеген ислер әмелге асырылмақта,-дейди Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ҳәким жәрдемшиси Зийўар Жақсымова.-Атап айтқанда, быйылғы жылдың өзинде 63 адамға 639 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер алып берилди. 154 адамға болса, өзин-өзи жумыс пенен бәнтлеў мақсетинде, 113 гектар егислик жер майданы ажыратып берилди. Наманган ўәлаятының қәўендерлиги менен 60 хожалықтың үйлериниң төбелери шиферланып берилди. 2024-жылы «Ашық бюджет» порталының қаржылары есабынан 1,5 км, усы жылы болса, 4,5 км аралықтағы жоллар асфальтланды. Келешегимиз болған жас әўладтың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын 120 орынлық 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имараты бой тиклемекте. Бул, әлбетте аймағымыз турғынларының кеўиллерин тастырып, олардың ертеңги күнге деген исенимин беккемлемекте.

Ҳақыйқатында да «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» деген идеяны өзлерине бас сүрен етип алған Мәденият елатының турғынлары Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамын көтериңки руўхта белгилеў ушын аянбастан мийнет етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.