Өзбекстан-Беларусь ҳаял-қызлары бизнес-форумына таярлық көрилмекте

97

Усы жылдың 28-29-август күнлери Витебск қаласында Беларусь-Өзбекстан ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумы өткериледи.

Форум Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваныӊ басламасы менен шөлкемлестирилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңесиниң Халықаралық байланыслар ҳәм миллий қәўипсизлик бойынша турақлы комиссиясының баслығы Сергей Алейник ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Азамхўжаевтың басшылығында бизнес-форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге бағышланған жумысшы топар мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте форумға таярлық көриў мәселелери толық додаланды. Тәреплер өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бағдарындағы исенимли позициясын және бир мәрте тастыйықлады.

Сондай-ақ, парламентлераралық қатнасықларды избе-из даўам еттириў, жолға қойылған сөйлесиўди нәтийжели платформалар арқалы раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили, алдынғы еки бизнес-форум жақсы нәтийжелер менен жуўмақланған. Болажақ илаж да өз-ара пайдалы шерикликти жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Үшинши форум шеңберинде еки мәмлекет исбилермен ҳаял-қызларының қатнасыўында экономиканың түрли тараўларына байланыслы темаларда бир қатар секция мәжилислериниң өткерилиўи режелестирилген.

Форум қатнасыўшылары өз-ара тәжирийбе алмасыў, жаңа шериклер излеў, перспективалы жойбарларды алға қойыў, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды кеңейтиў имканиятына ийе болады.

Илаж шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топарлары ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў, жаслар парламентлери тәрепинен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, тийкарғы экономикалық тараўларда перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаў бойынша келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.

Н.Абдураимова, ӨзА