Грек-рим гүреси: Ўатанласларымыз Будапешт турниринде сыйлы орын ийеледи
127

Венгрия пайтахты Будапешт қаласында спорт гүреслери бойынша “Polyák Imre & Varga János Memorial” рейтинг жарысында грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары мүнәсип нәтийжеге еристи.
Грек-рим гүреси шеберлеринен жерлесимиз Абдулло Алиев -72 килограммда гүмис, -82 килограмм салмақта беллесиўге шыққан Жалғасбай Бердимуратов бронза медалын қолға киргизди.
U-20 ҳәм U-23 жас категорияларында Азия чемпионы, үлкенлер арасындағы континент бириншилигиниң вице-чемпионы болып есапланған Алиев турнирдиң шешиўши беллесиўинде Грузия ўәкили, Европа чемпионатының сыйлы орын ийеси Юрий Ломадзеге қарсы гүрес алып барды.
Тўлқин Рўзиев,
ӨзА