Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери қорғалмақта

Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен 2025-жылдың биринши ярымында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, суд әмелиятын улыўмаластырыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўда үгит-нәсият жумысларын жүргизиў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, өткен алты ай даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларының өндирисинде биринши инстанция тәртибинде улыўма 14.519 пуқаралық ис болып, соннан судлар тәрепинен 11.463 ис көрип шығылған. Олардың улыўма саны өткен жылға салыстырғанда 24,7 процентке көбейип, 3.056 пуқаралық ис кейинги шерекке қалдық болып өткен.
Буйрық тәртибинде жәми 28.287 арзалар бойынша суд буйрығы шығарылған болып, олардың саны өткен жылға салыстырғанда
9.944 ке көбейген.
Көрилип тамамланған 11.463 ислерден 9.284 ис бойынша шешиўши қарарлар шығарылып, соннан 8.609 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылған, 675 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған, 263 ис ис жүргизиўден қысқартылған, 1916 арза көрилместен қалдырылған.
Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, судлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықый санасын жоқарылатыў мақсетинде, 2025-жылдың биринши ярымы даўамында судлар тәрепинен профилактикалық ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе 532 ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған.
Жәми көрип тамамланған ислер категорияларын таллағанымызда 4747 исти таллағанымызда ис шәртнама ҳәм келисимлер, 2168 ис шаңарақ қатнасықлары, 1391 ис айрықша тәртипте көрилетуғын ислер, 873 ис турақ жай даўы, 738 ис жер, 551 ис мийнет қатнасықлары, 400 ис зыянды өндириў, 341 ис салық қарыздарлығын өндириў, 194 ис меншик ҳуқықы, 33 ис басқа мазмундағы, 27 ис коммуналлық төлемлерди өндириў менен байланыслы ислерди қурады.
Соның ишинде, 2025-жылдың 1-ярымында 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда келисимлер менен байланыслы ислер 865, жер менен байланыслы ислер 610, шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы ислер 253, турақ жай менен байланыслы ислер 232, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер 163, зыянды өндириў менен байланыслы ислер 121, меншик ҳуқықы менен байланыслы ислер 73, мийнет қатнасықлары менен байланыслы ислер 28 иске көбейген болса, коммуналлық төлемлерди өндириў менен байланыслы ислер 95, салық қарызын өндириў менен байланыслы ислер 39 ҳәм басқа мазмундағы ислер 5 иске азайған.
Судар тәрепинен исти көриў даўамында анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў ҳәм алдын алыў мақсетинде, өткен алты ай ишинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлер қарсысына 77 айрықша уйғарыўлар шығарылып, есабат дәўиринде ҳуқық қорғаў уйымларына жынаят белгилери болыўы мүмкинлиги ҳаққында 15 хабарнама берилген.
Сондай-ақ, “Қәўипсиз шаңарақ” принципи тийкарында шаңарақларда жүз бериўи мүмкин болған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлыклардың алдын алыў бойынша ишки ислер уйымларына 47 хабарнама берилген.
2025 жылдың 1-ярымында көрилип тамамланған 11.463 пуқаралық истен 430 ис бойынша, яғный 3,8% процент иске суд қарарлары үстинен шағымлар келтирилген болып, қалған 96,2% процент иске суд қарарлары үстинен шағымлар берилмеген.
Апелляция, кассация, ревизия инстанцияларында жәми 634 ис көрилген.
Халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде, есабат дәўиринде судлар тәрепинен 171 мәрте ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылып, 123 мәрте ушырасыў ҳәм семинарлар өткерилди.
Судларға есабат дәўиринде жәми 1096 мүрәжат келип түсип, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда мүрәжатлар саны 438 ге азайған. Келип түскен мүрәжатлардан 93 мүрәжат қанаатландырылып, 975 мүрәжат бойынша тийисли тәртипте түсиниклер берилди. 27 мүрәжат кейинги шерекке қалдық болып қалған.
Жуўмақлап айтқанда, судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплериниң суд арқалы исенимли қорғалыўын тәмийинлеўдеги жумыслар еле де турақлы даўам еттириледи.
А.Керимбаев,
Қарақалпақстан Республикасы
судының пуқаралық ислери
бойынша судлаў коллегиясы баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги