Қабулда әҳмийетли транспорт ҳүжжетине қол қойылды
101

Бүгин Қабулда “Термиз – Найбабад – Майданшаҳр – Логар – Харлачи” темир жол жөнелиси бойынша техникалық-экономикалық тийкар (ТЭТ) ислеп шығыў бойынша үш тәреплеме Ҳүкиметлераралық келисимге қол қойылды.
Бул жойбар Трансаўған транспорт коридорының әҳмийетли бөлеги болып, Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан арасындағы бирге ислесиўди күшейтеди ҳәм регионаллық байланыслылықты тәмийинлейди.
ТЭТ ислеп шығыў жумысларына “Өзбекстан темир жоллары” АЖ жанындағы арнаўлы жойбарлар офиси жуўапкер етип белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги