Исбилермен ҳаял-қызлардың белсендилиги арттырылмақта

Беруний районында өз жумысын алып барып атырған исбилермен ҳаял-қызлардың қатнасыўында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Беруний районлық Кеңеси, Саўда-санаат палатасы басқармасы ҳәм районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте “Исбилермен ҳаял-2025” таңлаўының район басқышы өткерилди. Онда Беруний районында жумыс алып барып атырған исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.
Илажда төрешилер ағзалары қатнасыўшылардың жумысын баҳалаўда жойбар режесине муўапық, ҳаял-қызлар ушын қосымша жаңа жумыс орны жаратылғанлығы, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген ҳаял-қызларды кәсип бойынша оқытқанлығы, бәнтлигин тәмийинлегенлиги ҳәм өз орнын таўып кетиўине жәрдем бергенлиги, жумыс түрине қарап экспортқа бағдарланған ямаса импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарыў, халыққа көрсетип атырған хызметиниң сапасы ҳәм жумысында турмысқа енгизип киятырған жаңа инновациялық идеяларына айрықша итибар қаратты.

Таңлаўда “Бостан” мәкан пуқаралар жыйынынан қатнасқан исбилермен ҳаял Наргиза Курбаниязова көп тармақлы исбилерменлик бағдарлары менен шуғылланады. Оның ыссыханасында жетистирилген ҳәр қыйлы азық-аўқат өнимлери менен қысы-жазы халықтың талапларын қанаатландырып келмекте. Ерте бәҳәрден жетистирилген ҳәр қыйлы нәллер исбилерменге мол дәрамат келтиреди. Н. Курбаниязова таңлаўдың районлық басқышы жеңимпазы болып, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Бул таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, сиясий процесслердиң мазмун-мәнисин ҳаял-қызлар арасында кеңирек үгит-нәсиятлаў, экономикамызды көтериў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызларымызды хошаметлеў болып табылады. Соның менен бирге, илаж процесинде аймақларда ҳаял-қызлар арасында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекет экономикасында олардың қатнасыўындағы жеке меншик сектордың үлесин ҳәм әҳмийетин арттырыў, жәмийетте ҳаял-қызлар исбилерменлигин жаңа басқышқа алып шығыў, алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў, кәсиплик шеберлик ҳәм билим дәрежесин арттырыў ушын зәрүр шараят жаратыўдан ибарат.

Таңлаў жуўмағында илажда қатнасқан барлық исбилермен ҳаял-қызлар ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги