Бестөбели 8 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди

129

30-июль – Халықаралық адам саўдасына қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен июль айы «Биз адам саўдасына қарсымыз!» ҳуқықый үгит-нәсият айлығы деп жәрияланған еди.

Бул айлық даўамында партиямыз тәрепинен аймақларда бир қанша жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

-Партиямыздың тийкарғы мақсети – елимизде бул иллеттиң алдын алыў, ўатанласларымыздың адам саўдасы қурбанына айланып қалмаўы, ҳеш қашан қуллыққа разы болмаўы, өз ҳуқықларын билиўи, олардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ҳәм бул иллетке қарсы ҳәммени бирлестириў болып есапланады,-дейди Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери Әбдирахман Қойлыбаев.-Усы айлық шеңберинде республикамыздың барлық аймақларында, халық арасында бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте кең түрдеги илажлар шөлкемлестириў режелестирилип алынды. Илажлар арасында жумыссызлықты қысқартыў, пуқаралардың, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, мийнет ярмаркаларын шөлкемлестириў белгилеп алынған.

Айлық шеңберинде Нөкис қаласындағы алыс аймақлардың бири болған Бестөбе мәкан пуқаралар жыйынында бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркаға Нөкис қалалық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў орайы хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Н.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде алып барылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде айтып берди ҳәм бул иллетке қарсы ҳәмме гүресиў зәрүрлигин атап өтилди.

Ярмаркада Нөкис қаласында жайласқан мәкеме, шөлкем ҳәм кәрханаларда бос турған жумыс орынлары қойылып, өткерилген илажда 8 пуқараның жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди.

Адилбай Оразов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.