Елши: Египет – Африка ҳәм Жақын Шығыстағы тийкарғы шеригимиз

Каирдағы елшимиз Мансурбек Қиличев Жақын Шығыс мәлимлеме агентлиги (MENA)не берген арнаўлы интервьюинде Египет Араб Республикасы Өзбекстанның Африка ҳәм Жақын Шығыстағы тийкарғы шериги екенин атап өтти. Сондай-ақ, еки мәмлекет жетекшилери 2023-жылы үш мәрте телефон арқалы сөйлескени, өткен жылы октябрь айында Россияның Қазан қаласында ҳәм усы жылы Москвада да сөйлесиў өткергенин атап өтти. Еки мәмлекет арасындағы биргеликтеги жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў ушын байланысты жедел даўам еттириў, исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыў әҳмийетли екенлиги, парламентлик бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекет шеңберинде “Өзбекстан-Египет” ҳәм “Египет-Өзбекстан” депутатлық дослық топарлары шөлкемлестирилгени, 2024-жыл 27-октябрь күни елимизде болып өткен парламентлик сайлаўда Сенат баслығының орынбасары Фиби Фавзий басшылығындағы Египет парламенти делегациясы халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасқанын атап өтти.
Дипломатымыз Египет Ўәкиллер палатасының спикери, мәсләҳәтшиси Ҳанафий Ал-Жабалий усы жылдың апрель айында болып өткен Парламентлераралық аўқам Бас Ассамблеясының 150-сессиясы шеңберинде Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасқаны, Президент Шавкат Мирзиёев усы сапар шеңберинде Ҳанафий Ал-Жабалийди қабыллағанына да итибар қаратқан.
Мансурбек Қиличев интервьюинде атап өткениндей, өткен жылы сентябрьде Ташкентте өткерилген Өзбекстан ҳәм Египет сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң 11-раунды, март айында Жидда қаласында республикамыз сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм Египет сыртқы ислер министри доктор Бадр Абдулатий арасында да сөйлесиў болып өткен.
Еки мәмлекет арасындағы саўда алмасыўдың баҳасы 2024-жылы 46,1 миллион долларға жеткен, усы жылдың биринши бес айында болса бул көрсеткиш 22,4 миллион долларды қураған. Өзбекстанның Египетке экспорты 11,2 миллион доллар. Соның ишинде, туристлик хызмет, тоқымашылық, электр үскенелери, мыс ҳәм шарўашылық өнимлериниң саўдасында сезилерли өсиўге ерисилген.
Өз-ара товар алмасыў, әсиресе, Египет цитрус мийўелери ҳәм фармацевтика өнимлерин көбейтиў ушын салмақлы потенциал бар. Ҳәзирги ўақытта Египет портларында Өзбекстан товарлары ушын қоймаханалар ашыў перспективасы үйренилмекте. Буннан тысқары, Искандария ҳәм Порт Саидтағы еркин экономикалық зоналарда санаат кооперациясы ҳәм биргеликтеги өндирис жолға қойылмақта.
Өткен жылы декабрь айында Ташкентте Өзбекстан-Египет биргеликтеги ҳүкимет комиссиясының жетинши мәжилисинде тәреплер төрт меморандум ҳәм келисимге қол қойған. Сондай-ақ, жеңиллетилген саўда ҳаққындағы биргеликтеги ҳүкиметлик келисим жойбарын ислеп шығыў процеси де басланған. Бул қәдемлер саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған ҳәрекеттиң тек ғана бир бөлеги.
Дипломат быйыл Египет компаниялары елимизде өткерилиўи режелестирилген көргизбелерде қатнасыўдан, еки мәмлекет киши ҳәм орта кәрханалардың бирге ислесиўин жолға қойыў мақсетинде санлы саўда майданларын шөлкемлестириўден мәпдар екенин айрықша атап өтти. Ташкент Египеттиң аўыл хожалығы, электроника, фармацевтика ҳәм туризм сыяқлы тараўлардағы тәжирийбеси ҳәм заманагөй технологияларын жоқары қәдирлейтуғынын, бул еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Биргеликтеги жойбарларға келсек, “Нил шакар компаниясы” Жиззақ ўәлаяты Ғәллеарал районында қант ләблебиси ҳәм қумшекер жетистириўге байланыслы толық дүркин шөлкемлестириў бойынша кеминде 300 миллион долларлық инвестициялық жойбарды әмелге асырыў басланған. Бул баслама қант ләблебисин жетистириў, 50 мың гектар суўғарылмайтуғын жерди өзлестириў, 100 гектар майданда жыллық қуўатлылығы 200 мың тонна болған қант заводын қурыўды өз ишине алады.
Қосымша етилиўинше, “Orascom Investment” таў-кән ҳәм геология тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў нийетинде. Өзбекстандағы потенциаллы пайдалы қазылма кәнлери, атап айтқанда, Наўайы ўәлаятындағы “Арқа Боканто” мыс кәнинде геологиялық излеў жумыслары әлле қашан басланған. Буннан тысқары, “Bell Energy” компаниясы Ташкент ўәлаятындағы суў насос станцияларын модернизацияламақта. “Al-Aseel” компаниясы менен биргеликте Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында палды қайта ислеў кәрханасы қурылады. Сондай-ақ, “Polyserve Group”, “EgyTriad”, “Mina Pharma” ҳәм “EGSL” сыяқлы Египеттиң жетекши компаниялары менен де нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған.
Туризм тараўына тоқтап өткен елшимиз 2024-жылы Өзбекстанға келген египетли туристлердиң саны 2600 ге жеткенин атап өтти.
Муҳаррама Пирматова, ЎзА