Илҳам Алиев ҳәм Никол Пашинян Абу-Дабиде ушырасты

121

Кеше Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби қаласында ушырасып, “Тынышлық келисимин” жуўмақлаў бойынша кейинги қәдемлерди додалады, деп хабар бермекте “АзерТАЖ” мәлимлеме агентлиги.

Бул еки мәмлекет жетекшилериниң дерлик қырқ жыллық соқлығысыўлардан соң “Тынышлық келисими” тексти жойбарын келисип алғаннан берли биринши рәсмий еки тәреплеме ушырасыў болып есапланады.

– Мәмлекет басшылары шегараларды делимитациялаў бойынша ерисилген жетискенликлерди баҳалап, тийисли комиссияларға бул бағдардағы әмелий жумысларды даўам еттириў бойынша тапсырмалар берди. Сондай-ақ, тәреплер еки тәреплеме сөйлесиўлер ҳәм исенимди беккемлеў бойынша илажларды даўам еттириўге келисип алды, – делинеди “Armenpress” басылымында.

Мағлыўмат орнында: Пашинян ҳәм Алиев соңғы мәрте усы жылдың май айында Албанияның Тирана қаласында Европа сиясий жәмийетшилигиниң саммити шеңберинде ушырасқан еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги