Аўылға жақын жаңа мектеп қурылмақта

126

Қоңырат районындағы Ҳәким-ата мәҳәллесинде жаңа мектеп имараты  бой тиклемекте.

Президентимиздиң 2024-жыл 26-декабрь күнги “2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында бул жерде үш қабатлы, 330 орынлық улыўма билим бериў мектеби ушын жаңа имарат қурылмақта.

Мағлыўмат ушын, Ҳәким-ата мәҳәллесинде жәми  4012 пуқара жасайды, соннан мектеп жасындағы жаслар саны 687 ни қурайды. Бул аймақта бүгинги күнге шекем мектеп жоқ еди. Бул болса оқыўшылардың алыстағы мектеплерге қатнаўына себепши болып атыр еди.

– Алдын оқыўшыларымыз үлкен асфальт жолдан өтип узақта жайласқан мектеплерге барып оқыйтуғын еди. Мине, ҳәзирги ўақытта мәҳәллемиз турғынларының көп ўақытлардан берли күткен әрманы әмелге аспақта,-дейди усы мәҳәлле турғыны Қ.Сайымбетов. – Президентимиздиң тийисли қарары менен енди бул аймақта да жаңадан мектеп имараты бой тиклемекте. Буннан мәҳәлле турғынларының қуўанышы шексиз.

Ҳәзирги ўақытта мектептиң биринши қабатын өриў жумыслары жуўмақланып, бетон жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.