Қанлыкөлде “Jaslar party” шоу-концерти

«Әҳмийетли 90 күн» илажлары шеңберинде елимиз бойлап оқыўшы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, усы мақсетте ҳәр қыйлы мәдений, спорт ҳәм кеўилашар илажларын шөлкемлестириў жумыслары даўам етпекте.
Қанлыкөл районында «Nókis FM” радиосы, “Жаслар ТV” телеканалы ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкимлиги менен биргеликте гезектеги “Jaslar party” шоу-концерт бағдарламасы болып өтти.



Оның ашылыўында район ҳәкими Б.Султанов жасларды қызғын қутлықлап, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында жаслардың тутқан орны, ҳәзирги күнде оларға қаратылып атырған итибар, әмелге асырылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.
Район жасларының мәдений ҳәм руўхый дем алыўы ушын шөлкемлестирилген усындай илаж ушын «Nókis FM” радиосы, “Жаслар ТV” телеканалы жәмәәтине миннетдаршылық билдирип, район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығын тапсырды.


Шоу-концерт бағдарламасы республикамызға белгили эстрада жулдызларының атқарыўындағы йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы викторина, саўал-жуўап, ҳәзил көринисиндеги ойынлар өткерилип, жаслар ойнап-күлип кеўилли ҳәм мазмунлы дем алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги.