Наманган ўәлаятындағы нәтийжелер ҳәм жаңа жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёев 7-июль күни Наманган ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги, аймақлардағы жумыслардың барысы ҳәм жойбарлардың орынланыўы бойынша есабат пенен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 2-декабрьдеги қарары менен Наманган ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў және инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў илажлары белгиленип, үлкен шек қойылған еди. Соның ишинде, быйыл 4,2 миллиард доллар инвестиция тартыў, 1 миллиард доллар экспорт етиў, 323 мың жумыс орнын жаратыў, 55 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў режелестирилген.

Бунда ең үлкен тийкар – киши бизнес ҳәм исбилерменлик. Наманганда мийнетке жарамлы халықтың 82 проценти усы тараўда күн көрмекте.
Жыл басынан берли ўәлаятқа дерлик 1 миллиард 600 миллион доллар инвестиция киргизилген. Бирақ оның үлкен бөлеги Наманган қаласы ҳәм орайлық районларға туўра келип, Мыңбулақ, Нарын, Уйчи ҳәм Чартақта да инвестицияларды көбейтиў керек. Экспортта да өнимлер түрин кеңейтиў ҳәм шетки районлардың потенциалын арттырыў керек.
Ўәлаятта аўыл хожалығында да мол өним жетистирилмекте. Тек ғана Янгиқорғанда гектарынан дәрамат 20 мың доллардан жоқары.

Усындай имканиятларды толық иске қосыў ушын Президентимиздиң басламасы менен аймақлар ҳәкимшилик ҳәм экономикалық жақтан реформаланбақта. Наманган ўәлаятында да қәнигелер, алдыңғы исбилерменлер ҳәм сырт ел экспертлеринен ибарат “Реформалар штабы” жумыс баслады. Олар биргеликте изленгени ушын және 1 миллиард долларлық жойбарлар қәлиплестирилди.
Мәжилисте жуўапкерлер мине, усы жаңа имканиятларды таныстырды. Атап өтилгениндей, олардың нәтийжесинде жәми 12 мың жумыс орны, бюджетке қосымша 200 миллиард сум түсим, 160 миллион доллар экспорт дәреги пайда болады.

Мысалы, Нарын районында халықтың шаңарақларында интенсив усылда балық жетистириў, Мыңбулақта үйрекшиликти раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Олар азық-аўқат өнимлериниң молшылығын тәмийинлеўи ҳәм көплеген жумыс орынларын жаратыўы менен әҳмийетли. Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени басқа аймақларда да енгизиў керек екенлигин атап өтти.
Бүгинги күнде ўәлаятта 55 мың жумыссыз халық, 44 мың кәмбағал шаңарақ бар. Оларды кәсипке бағдарлап, жумыс табыўына жәрдемлесиў, өз үйинде дәрамат дәрегин жаратыў ўазыйпасы қойылды. Социаллық орталықты беккемлеў, мәҳәллелерди жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА