«Асаў дәрья» ға понтон көпири қурылды

164

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен 2019 жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы қарары тийкарында Бозатаў районы шөлкемлестирилген еди.

Усы өткен дәўир ишинде, көп қабатлы жайлар, саўда комплекслери, мың орынлық амфитеатр, заманагөй стадион, Жаслар орайы ҳәм басқа да объектлер пайдаланыўға тапсырылып, халықтың жасаў жағдайы жақсыланды.

Кегейли районынан Бозатаўға алып барыўшы гүзар жоллар асфальтланып, район аймағындағы ишки жоллар қайта оңланды.

Бирақ, районның арғы тәрепинде жайласқан Қоңырат ҳәм Мойнақ районларына барыўшы Әмиўдәрьяда көпир болмағанлығы себепли, Бозатаў туйық аймаққа айланып қалған еди. Бул болса, аймақ халқы менен бирге, исбилерменлерге де әдеўир қыйыншылықлар туўдырды.

Сонлықтан быйылғы жылы ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Бозатаў районы ҳәм республикамыздың арқа шығыс аймақаларын тиккелей Қоңырат районы менен байланыстырыўшы понтон көпирди орнатыў бойынша жумыслар басланды.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Бозатаў районы ҳәкимлигиниң алып барған әмелий жумысларының нәтийжесинде,  Аспантай аўыл пуқаралар жыйынына қараслы Порлытаў елаты тусынан ағып өтиўши Әмиўдәрьяға  понтон көпири қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылды.

-Бурын халқымыз Қоңырат ҳәм Мойнақ районына барса, оғада қыйналатуғын еди,-дейди Аспантай аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы Анвар Төребаев.-Жаңа понтон көпириниң пайдаланыўға тапсырылыўы менен алысымыз жақын, мүшкилимиз жеңил болды. Буның ушын ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёев ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтамыз.

Ҳақыйқатында, халқымызда жол салған, көпир қурған оғада саўаплы ис деп саналған. Сонлықтан усындай саўаплы исти әмелге асырған инсанларға қанша рахмет айтсаңда арзыйды. Әсиресе, халқымыз тәрепинен «Асаў дәрья», «Өгиз дәрья», «Жайҳун дәрья» деп аталатуғын Әмиўдәрьяға понтон көпирдиң қурылыўы бизлерди шексиз қуўанышқа бөлейди. Бундай дөретиўшилик ислер район аймағында еле даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.