Жаслар жеңимпаз параспортшылар менен ушырасты

294

Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында «30-июнь-Жаслар күни»  мүнәсибети менен «Әҳмийетли 90 күн» жойбары шеңберинде Ташкент қаласында өткерилген «Бес баслама паралимпиадасы» спорт жарысларының Өзбекстан Республикасы басқышында  жеңимпаз болған параспортшылар менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң жуўапкер басшылары, Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы тренер-оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң бөлим баслығы Икрам Қудияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын «30-июнь-Жаслар күни» байрамы, жеңимпазларды қолға киргизген табыслары менен қызғын қутлықлады ҳәм олардың алдағы жарысларда үлкен табысларға ерисе бериўине тилеклеслик билдирди.

Илажда Ташкент қаласында өткерилген «Бес баслама паралимпиадасы» спорт жарысларының Өзбекстан Республикасы басқышында  жеңимпаз болған Перийзат Арзымова, Жарқынай Муртазаева, Муқаддес Қалбаева ҳәм Тимур Алламуратовлар өзлериниң параспортқа кирип келиўи ҳәм жеңиске ерисиўге шекемги басып өткен машақатлы жоллары, үйреткен тренерлери ҳаққында кең түрде айтып өтип, усындай имканиятларды жаратып бергени ушын елимиз басшыларына өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирди.

-Парабадминтон спорты менен еки жылдан берли, тренерим Жолдасбай Үббиниязовтың басшылығында шуғылланып келмектемен,-дейди «Бес баслама паралимпиадасы» спорт жарысының гүмис медаль ийеси Муқаддес Қалбаева.-Жарыс оғада қызықлы ҳәм кескин беллесиўлерге толы болды. Чемпионлық ушын гүрескен едим. Бирақ, әўмет қарсыласыма күлип бақты. Алдағы ўақытлары шынығыўларға еле де күш салып, биринши орынды ийелеўге ҳәрекет етемен.

Сондай-ақ, ушырасыўда республикамызда спорт тараўында жүргизилип атырған кең көлемдеги реформалар ҳәм жаңаланыўлар, республикамыз спортшыларының ерисип атырған жетискенликлерин кең жәмийетшиликке таныстырыўға өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып киятырған бир қатар журналистлерге Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң Миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Өз гезегинде журналистлер де өзлерине көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы