Өзбекстанда хызметлер тараўы экономикалық өсиўдиң тийкарғы драйверине айланбақта

329

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының қәнигелери 2017-2024-жыллар даўамында мәмлекетте хызметлер тараўының раўажланыўын таллады. Таллаўларға бола, бул тараў экономика, халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс сапасының өсиўиниң әҳмийетли факторына айланған.

2024-жылы хызметлер тараўының жалпы ишки өнимдеги үлеси 47,4 процентти қурады. 2020-жылы бул көрсеткиш 41,6 процент болған. Бәнтликтеги үлеси болса 55,4 процентке жетти. 2017-жылы бул көрсеткиш 49,8 процент болған. Хызмет көрсетиў тараўында жумыс алып барып атырғанлардың саны 7,9 миллион адамды қурады. Сондай-ақ, хызмет көрсетиўши кәрханалардың саны 2017-жылға салыстырғанда 1,6 есеге көбейип, 310,8 мыңға жетти.

Жәҳән банкиниң баҳалаўына бола, 2017-2023-жылларда Өзбекстанда хызметлер тараўында қосымша қунның өсиў пәти жылына 6,5 процентти қурап, Орайлық Азиядағы ең жоқары көрсеткишке айланған. Қазақстанда бул көрсеткиш 2,5 процент, Қырғызстанда 3,1 процент ҳәм Тәжикстанда 5,2 процентти қураған. Мәмлекетте көрсетилген хызметлердиң улыўма көлеми соңғы 8 жылда 2,5 есеге артқан. Әсиресе, финанслық хызметлер 7,6 есеге, мәлимлеме ҳәм байланыс хызметлери 4,9 есеге, билимлендириў хызметлери болса 3,2 есеге өскен.

Халықаралық баҳалаўларда да мәмлекеттиң позициясы жақсыланған. 2023-жылы жәрияланған халықаралық хызметлердиң жайласыў индексинде (GSLI) Өзбекстан 78 мәмлекет ишинде 40-орынды ийеледи. Онда мәмлекеттиң бизнес ушын финанслық тартымлылығы жоқары баҳаланған. Сондай-ақ, санлы басқарыў жетиклик индексинде (GTMI,2024) Өзбекстан 43-орынды ийелеп, 2020-жылға салыстырғанда 37 текше жоқарылаған. Электрон байланыс индексинде болса мәмлекет 53-орынға шығып, санлы хызметлер жоқары раўажланған мәмлекетлер қатарында қалды.

Санластырыў ҳәм онлайн хызметлердиң раўажланыўы экономикада мәлимлеме ҳәм электрон саўда үлесиниң 3,7 процентке шекем көбейиўине хызмет етти. 2017-жылы бул көрсеткиш 2,2 процент болған. 2023-жылы электрон коммерция базарының көлеми 1 миллиард АҚШ долларынан асты.

Туризм хызметлери болса ең тез өсип атырған бағдарлардан бирине айланды. 2017-жылдан берли олардың көлеми 2,1 есеге артқан. 2024-жылы туризм хызметлери тараўында ең үлкен үлес 22,4 процентти қурады. Усы жылы Өзбекстан 8 миллион туристти қабыл етти ҳәм Орайлық Азияда туристлер ағымының өсими бойынша 1-орынды ийеледи. Жыллық өсим пәти 20,1 процентти қурады. Туризм ҳәм саяхатларды раўажландырыў индексинде (TTDI) Өзбекстан 119 мәмлекет арасында 78-орынды ийелеп, 2024-жылдың өзинде 16 текше жоқарылаған. Бул нәтийжелер туризм инфраструктурасы, санлы хызметлер (онлайн бәнт етиў, виртуал турлар) ҳәм виза рәсмийлестириў процесслериниң әпиўайыластырылыўы (e-visa) менен байланыслы.

Логистика нәтийжелилиги индексинде (ЛПИ) болса мәмлекет 139 мәмлекет ишинде 88-орынды ийеледи. 2018-жылға салыстырғанда 11 текшеге жоқарылады. ҒМДА мәмлекетлери арасында 5-орын, Орайлық Азияда болса 2-орын бәнт етилди. Ең үлкен өсим бажыхана процесслериниң нәтийжелилиги, халықаралық саўдадағы логистика шынжырларының интеграция дәрежеси ҳәм логистика хызметлериниң сапасы бойынша бақланған.

2024-жылы хызметлер экспорты 7,2 миллиард АҚШ долларын қурады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 6 есеге көп болып, мәмлекеттиң улыўма экспорт көлеминиң 26,7 процентин қурады. Хызметлер экспорты қурамында тийкарғы үлести туризм 3,5 миллиард доллар (48,8 процент) ҳәм транспорт 2,6 миллиард доллар (35,7 процент) қурады.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА