Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

252

 

25-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

 Оған Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенаттың сегизинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни сенаторлар тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, аймақларда жумыслардың барысы, халықты ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы бағдарлардан келип шығып, алда турған биринши дәрежели ўазыйпалар додаланды.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, көрилип атырған илажлар нәтийжесинде турақлы өсиў пәтлери тәмийинленди.

Тек ғана усы жылдың өзинде санаат 6,4 процентке өсти, экспорт көлеми 18 процентке, сырт ел инвестициялары 46 процентке артты. Баҳасы 3 миллиард долларлық 2,5 мыңнан аслам жаңа қуўатлықлар иске қосылды.

Бирақ бүгинги заманның раўажланыўы, дүньяда жүзеге келип атырған глобал машқалалар, жаңа урыс ошақлары ҳәм турақсызлықтың даўам етиўи реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўды, раўажланыў пәтлерине сәйкес жаңа ўазыйпаларды қойыўды талап етпекте.

Атап айтқанда, реформалардың нәтийжелилигине унамсыз тәсир етиўши факторлар атап өтилди.

Соның ишинде, министрликлер ҳәм ҳәкимликлер, олардың ўәлаят, район дәрежесиндеги буўынларының машқалалы мәселелерди шешиў бойынша жумысы жетерли дәрежеде нәтийжели емеслиги атап өтиледи. Көплеген машқалаларға министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер жумысының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларындағы кемшиликлер себеп болмақта.

Халықтың кейпиятына тәсир ететуғын, соның ишинде, суў тәмийнаты, район ҳәм мәҳәлледеги инфраструктура, азық-аўқат қәўипсизлиги, бәнтлик, кәмбағаллықтан шығарыў, жергиликли бюджет түсимлерин арттырыў, жынаятшылықты қысқартыў, жол қурылысы, жәмийетлик транспорт, қала қурылысы, “Жасыл мәкан” жойбарын әмелге асырыў, энергия тәмийнаты сыяқлы әҳмийетли тараўлардағы баслы ўазыйпалар додаланды.

Буннан тысқары, белгиленип атырған ўазыйпа ҳәм тапсырмаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын жаңа шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳәкимшилик реформалар басланғаны, бар машқалалар, халық тәрепинен көтерилип атырған мүрәжатларды шешиў бойынша жаңа система иске қосылып атырғаны атап өтилди.

Сенаторлар Президент тәрепинен атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Атап айтқанда, орынларда анықланған машқалаларды сапластырыўда аймақ ҳәм республикадағы жуўапкерлердиң өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Пуқаралар менен ислесиў тәртибин жаңа дәрежеге алып шығыў, мүрәжатларды турақлы таллаў, халық тәрепинен көтерилген машқалалы мәселелерди Сенат мәжилислерине алып шығыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, бағдарламалар, жойбарлардың орынланыўын тәмийинлеўде олардың қай дәрежеде нәтийжели орынланғаны, қандай нәтийже бергенине тийкарғы итибар бериў, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде жергиликли Кеңеслердиң белсендилигин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Додалаў жуўмағында Олий Мажлис Сенаты ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери алдында бул бағдарда турған биринши дәрежели ўазыйпалар бойынша Сенаттың қарары қабыл етилди.

Буннан кейин “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине парламенттеги оппозицияның кепилленген ҳуқықларын кеңейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде сөз еркинлиги орталығының жаратылғаны, халықтың мәплери ҳәм сиясий ерк-ықрары еркин билдирилиўи ушын ҳуқықый тийкарлар беккемленгени, сиясий партиялардың жәмийеттеги ролин буннан былай да күшейтиўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Бул нызам сөз еркинлигин тәмийинлеў, сиясий партиялардың жәмийеттеги орнын және де беккемлеў мақсетинде ислеп шығылған болып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм сиясий партиялардың жумысына байланыслы 5 нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Оған бола, өзин парламенттеги оппозиция деп жәриялаған сиясий партия фракциясына нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылғанға шекем де сол мәселеге байланыслы нызам жойбарының ямаса оның структуралық бөлиминиң альтернатив редакциясын киргизиў сыяқлы қосымша ҳуқық берилмекте.

Сондай-ақ, бул фракцияның ўәкиллери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир комитет баслығы ҳәм еки комитет баслығының орынбасары лаўазымларын кепилликли ийелеўи, ҳәр шеректе “ҳүкимет сааты” ҳәм парламент сораўы шеңберинде мәселе киргизиўи де нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар бул нызамның турмысқа енгизилиўи нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыўға және Олий Мажлис Нызамшылық палатасында оппозицияның кепилликли ҳуқықларын кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Орынлаў иси бойынша кепиллик қаржыларын киргизиў институтының енгизилиўи мүнәсибети менен “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Кейинги жыллары елимизде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўды санластырыў және инсан факторын азайтыў бойынша нызамшылыққа жаңа нормалар киргизилген. Буннан тысқары, суд ҳүжжетлерин орынлаўдан ҳәр қандай бас тартыўдың алдын алыў, пуқаралардың мүлки ҳәм пул қаржыларының қол қатылмаслығын кепиллеўге қаратылған бир қатар нызам ҳүжжетлери әмелиятқа енгизилди.

Таллаўларға бола, 2022-2024-жыллар даўамында суд қарарларының орынланыўына байланыслы көплеген орынлаў ҳүжжетлери суд тәртибинде келиспеўшиликке ушырап атырғанлығы ҳәм мәмлекетлик орынлаўшының ҳәрекетлери үстинен шағым етилип атырғанлығы себепли орынлаў процесинде белгили бир машқалалар жүзеге келмекте. Нәтийжеде қарыздар өзине қолланылған шеклеўлер себепли өз жумысын даўам еттире алмай атыр.

Усы жерде суд қарары қабыл етилген шахслардың нызамлы мәплерин ҳәм суд қарарларының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў процесине кепиллик қаржысын киргизиў институтын енгизиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Онда орынлаў иси бойынша кепиллик қаржыларын киргизиў орынлаў исин жүргизиўди тоқтатып турыў, қарыздарға ҳәм оның мүлкине қолланылған шеклеўлерди бийкарлаў ушын тийкар болыўы нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар бул нызамның турмысқа енгизилиўи мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң нызамлы мәплерин исенимли қорғаў және суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Додалаўлар жуўмағында нызам сенетаорлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде корпоратив қатнасықларды раўажландырыў ҳәм заманагөй корпоратив басқарыў усылларын енгизиў бойынша нәтийжели избе-из реформалар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, сенаторлар нызамшылықты халықаралық нормаларға, соның ишинде, Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине бейимлестириў арқалы сыртқы саўданы және де либералластырыў зәрүрлиги пайда болып атырғанына айрықша итибар қаратты.

Бүгинги күнде республика импортының 32,3 проценти еркин саўда режими орнатылған мәмлекетлер, 61,4 проценти ең қолайлылық бериў режими қолланылып атырған мәмлекетлердиң үлесине ҳәм қалған 6,3 проценти саўда режими белгиленбеген мәмлекетлер ямаса ислеп шығарыўшы мәмлекети анықланбаған товарлар есабынан туўра келеди.

Атап айтқанда, республикаға импорт етилип атырған товарлардың 95 проценти Жәҳән саўда шөлкемине ағза мәмлекетлерден, қалған 5 проценти болса усы шөлкемге ағза болмаған мәмлекетлерден алып келинбекте.

Усыларды есапқа алған ҳалда, бул нызам менен Бажыхана кодексине ең қолайлылық бериў режимине ийе болмаған мәмлекетлерден Өзбекстанға алып келинип атырған товарлар ушын товардың келип шығыўы ҳаққындағы сертификат болмаған жағдайда импорт бажысын еки есеге арттырып қолланыў әмелияты бийкар етилмекте.

Соның менен бирге, Бажыхана уйымы тәрепинен ҳәрекетлер ямаса тәртип-қағыйдалар орынланғаннан соң Мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи белгиленген бажыхана төлемлериниң мүддети 5 жумыс күнинен 3 жумыс күнине қысқартылмақта.

Бул өзгерислер ҳәм қосымшалар менен миллий нызамшылық нормаларын Жәҳән саўда шөлкеми қағыйдаларына муўапықластырыў арқалы сыртқы саўданы әдил қағыйдалар тийкарында әмелге асырыўға, импорт ҳәм экспорт көлемин кеңейтиўге ерисиледи.

Сондай-ақ, бул нызамда акционерлик жәмийетлериниң атқарыў уйымлары ҳәм бақлаў кеңеслери ағзаларының фидуцар миннетлемелерин, жәмийет мажоритар акционерлериниң улыўма миннетлемелери ҳәм жуўапкершилигин белгилеў есабынан корпоратив қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў, корпоратив басқарыўдың заманагөй  усыллары менен механизмлерин енгизиў сыяқлы мәселелер де өз көринисин тапқан.

Жалпы мәжилис даўамында нызам қызғын додаланып, оның келешекте исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда қолайлы шараятлар жаратыўға, экономиканы жедел раўажландырыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет ететуғыны ҳаққында пикирлер билдирилди.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың 8-жалпы мәжилисинде “Сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Бул нызам пуқаралар ҳәм елимизде турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахслардың Өзбекстан Республикасынан тысқарыда ўақтынша мийнет етиў ушын шығыўы және сырт ел пуқараларының ҳәм басқа да мәмлекетлердиң аймағында турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахслардың елимизде мийнет етиў мақсетинде тартылыўы менен байланыслы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салады.

Додалаў процесинде нызамды қайта көрип шығыўды талап ететуғын бир қатар мәселелер бар екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, айырым мәмлекетлик уйымлардың бул тараўдағы ўәкилликлерин соңғы ҳәкимшилик реформалардан келип шыққан ҳалда қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, сырт елге жумысқа жиберетуғын шөлкемлерге Миграция агентлигиниң сырт елдеги ўәкилханалары менен биргеликте мийнет шәртлерине әмел етилиўин үйрениў ҳуқықын бериў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Буннан тысқары, сырт елге жумысқа жиберетуғын шөлкем тәрепинен миннетлемелер орынланбаған жағдайда, мийнет мигрантын Өзбекстанға қайтарыў процеси Агентлик тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм қәрежетлерди жиберетуғын шөлкем қаржылары есабынан қаплаў механизмин нызамда беккемлеў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына байланыслы тастыйықлаўды бериў, оның әмел етиўин тоқтатыў, тоқтатыў ямаса бийкарлаў тийкарларын да қайта көрип шығыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды. Соның менен бирге, тастыйықлаў ушын өндирилетуғын жыйым муғдары бойынша анық ҳуқықый механизмлерди белгилеў зәрүрлиги атап өтилди.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, нызамды қайта көрип шығыў мақсетке муўапық, деп табылды ҳәм бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўға заманагөй агротехнологияларды енгизиў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, аўыл хожалығында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў, сондай-ақ, тараўда жумыс алып барып атырған субъектлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын буннан былай да күшейтиў зәрүрлиги пайда болмақта.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, “Туқымгершилик ҳаққында”ғы ҳәм “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы нызамларға Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Министрлер Кабинети жанына өткерилгени мүнәсибети менен әмелдеги нызамшылыққа муўапықластырыў бойынша редакциялық өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаатты раўажландырыў агентлиги өзиниң ҳәм мийўе-овощ бағдарындағы өним жетистириўши, қайта ислеўши субъектлердиң, ыссыхана хожалықларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде судларға берилген арзалар, шағымлар ҳәм даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин белгилеўши өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, мийўе-овощ жетистириў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, аграр тараўдағы республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының бир пүтин системасын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Соңғы жыллары елимизде халықтың, соның ишинде, исбилерменлик субъектлериниң интеллектуаллық мүлк тараўындағы хабардарлық дәрежесин арттырыў, жаратылған интеллектуаллық жумыс нәтийжелерин қорғаў процесслерин санластырыў арқалы артықша талапларды бийкарлаў ҳәм интеллектуаллық мүлкти ҳуқықый жақтан исенимли түрде қорғаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Олар интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў процесин әпиўайыластырыў, айырым интеллектуаллық мүлк объектлерин экспертизадан өткериў мүддетлерин қысқартыў, дизимнен өткериў процесслеринде артықша ҳүжжетлерден ўаз кешиў сыяқлы мәселелерди өз ишине алған.

Буннан тысқары, патент бажыларын төлеўде қосымша қолайлықларды енгизиў ҳәм интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, “Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базаларының ҳуқықый қорғалыўы ҳаққында”ғы нызамға киргизилип атырған өзгериске бола электрон есаплаў машиналары ушын бағдарламаларды дизимнен өткериў ушын талапнама келип түскеннен соң керекли ҳүжжетлердиң бар-жоқлығы ҳәм қағыйдалардың талапларына қаншелли муўапық екенлиги бойынша өткерилетуғын тексериў мүддети он күн етип белгиленбекте.

Сондай-ақ, санаат мүлки объектлерин дизимге алыўда патентти тастыйықлаў тәртиби жеңиллетилмекте. Онда санаат мүлки объекти дизимнен өткерилгенде патент талапкерге автомат түрде электрон система арқалы жибериледи.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўына ҳәм инновациялық жақтан толықтырыўға нәтийжели тәсир көрсететуғын интеллектуаллық мүлк системасын жетилистириўге хызмет етеди. Сондай-ақ, бул ҳүжжет жәмийетте интеллектуаллық мүлкке болған ҳуқықларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириўге ҳәм интеллектуаллық мүлк ийелериниң нызамлы мәплерин қорғаўға да қаратылған.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети