Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында

298

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жыллары халық ҳәкимиятшылығын толық әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң (кейинги орынларда – жергиликли Кеңеслер) аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты тәшўишке салып атырған әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша ўәкилликлериниң жетилистирилип атырғанлығын, сондай-ақ, жаңаланған Конституцияда жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымларының бир-биринен ажыратылыўы белгиленгенлигинен келип шығып, “Күшли Кеңес, есап бериўши ҳәм интакер ҳәким” принципин әмелге асырыў мақсетинде қарар етемен:

       I. Мақсетлер

  1. Усы Пәрманды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленсин:

а) жергиликли дәрежеде халық ҳәкимиятшылығын толық әмелге асырыў, соның ишинде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў;

б) пуқаралардың жергиликли басқарыўда кеңнен қатнасыўына байланыслы демократияластырыў процесслерин беккемлеў, атқарыў ҳәкимияты уйымларының жергиликли халық ўәкиллери алдындағы есап бериўин арттырыў;

в) аймақлық басқарыўды “халық мәплерине хызмет етиў” принципи тийкарында орайластырыў ҳәм Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери және районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң ўәкилликлерин теңдей бөлистириў, ҳәр бир буўындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының ўазыйпалары ҳәм функцияларын анық белгилеў;

г) аймақлараралық саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды күшейтиў мақсетинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының халықаралық бирге ислесиўиниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў.

II. Программалық ҳүжжетлер ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери

Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;

б) Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша “жол картасы” 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының интакерлигин буннан былай да арттырыў мақсетинде төмендеги ўәкилликлерди Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине өткериў бойынша усынысларға келисим берилсин:

а) мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң ең аз ставкаларын белгилеў;

б) жерлеў орынларын сақлаў қағыйдаларын ҳәм жерлеў хызметлерин көрсетиў бойынша тарифлердиң муғдарын тастыйықлаў;

в) социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйыншылық көрип атырған ҳәм мийнет базарында тең шәртлерде бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең аз санын белгилеў ҳәм резервке қойыў;

г) жоллардың айырым бөлимлеринде ҳәрекетлениў тезлигин асырыўға яки азайтыўға (тийисли жол белгилери орнатып) рухсат бериў.

  1. Төмендегилер:

а) бюджет жойбарын ислеп шығыўда жергиликли бюджет қәрежетлериниң белгили бир бөлегин жергиликли Кеңес депутатларының тиккелей басламасы тийкарында қәлиплестириў әмелияты жолға қойылады;

б) Олий Мажлис палаталары жанындағы жаслар парламентлери тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда, жәмийетшилик тийкарында жергиликли Кеңеслер жанында Жаслар топарлары шөлкемлестириледи;

в) жергиликли Кеңес жанында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары ҳәм илимий топарлардың ўәкиллеринен ибарат жәмийетшилик тийкарында жумыс алып баратуғын Мәсләҳәт топарлары шөлкемлестириледи;

г) жергиликли Кеңеслер секретариатларының жумысын шөлкемлестириў жағынан қоллап-қуўатлаў мақсетинде Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслеринде жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларынан бийғәрез қаржылай есап-санақ системасы енгизиледи;

д) Халық депутатлары жергиликли Кеңеси баслығының орынбасары институты шөлкемлестириледи.

  1. Концепция шеңберинде төмендеги усынысларды әмелге асырыўға келисим берилсин:

а) ўәлаят, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкими орынбасарларына талабанларды тийисли жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларында дәслепки тәризде додалаў, Кеңес сессияларында талабанлар тәрепинен өз бағдарлары бойынша аймақты раўажландырыў бағдарламаларын усыныў тәртибин енгизиў;

б) жергиликли Кеңеслерде депутатлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының айырым әҳмийетли социаллық мәселелер бойынша мәлимлемелерин тыңлаў бойынша “Кеңес сааты” институтын енгизиў;

в) жергиликли Кеңеслердиң жумысын шөлкемлестириў-қаржылай жақтан қоллап-қуўатлаў мәселелерин жергиликли бюджет параметрлеринде айрықша көрсетиў арқалы мийнетке ҳақы төлеў, хошаметлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў шәртлерин жергиликли атқарыў ҳәкимияты дәрежесинен төмен болмаған ҳалда белгилеў;

г) жергиликли Кеңеслердиң Регламент ҳәм депутатлық әдеп мәселелери бойынша турақлы комиссияларына Кеңес қарары менен лаўазымға тастыйықланатуғын, тайынланатуғын, лаўазымға тайынланыўында Кеңес келисими алынатуғын лаўазымлы шахслар тәрепинен әдеп-икрамлылық нормальарының бузылғанлығы бойынша ислерди көрип шығыў ҳуқықын бериў;

д) Жергиликли Кеңес қарарларын қабыл етиў процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде пуқаралардың сессия жумысын тиккелей бақлаў имканиятын жаратыў. Онда жергиликли Кеңес сессияларында пуқаралардың сессия жумысына араласыў ҳуқықысыз бақлаўшы сыпатында қатнасыў тәртибин белгилеў.

III. Информация ҳәм программалық тәмийнат

  1. Санлы технологиялар министрлиги басқышпа-басқыш “E-Kengash”электрон платформасын “қолайлық – әпиўайылық – қәўипсизлик” принципи тийкарында турақлы жетилистирип барсын. Онда “E-Kengash” электрон платформасында төмендеги тийкарғы имканиятлар болыўы нәзерде тутылсын:

а) жергиликли Кеңеслердиң жумысына байланыслы ҳүжжетлерди қәўипсиз электрон архив платформасында (blockchain) сақлаў имканиятын енгизиў;

б) үлкен көлемли мағлыўматлар менен ислесиўде топланған үлги ҳүжжетлер, аналитикалық мағлыўмат, есабат ҳәм мәлимлемеден пайдаланыўды жолға қойыў арқалы қарар жойбарларын ислеп шығыў процесинде оперативлик ҳәм қолайлылық жаратыў;

в) “E-Kengash” электрон платформасын ҳәр қыйлы сыртқы қәўиплерден қорғаў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм киберҳүжимлердиң алдын алыў көзқарасынан жетилистириў;

г) “E-Kengash” электрон платформасында ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳәм қол қойыўда Кеңес баслығын биометрикалық идентификациялаў (Face ID) технологияларын енгизиў;

д) жасалма интеллект технологиялары тийкарында жергиликли Кеңеслердиң қарар жойбарларын таярлаў ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў.

IV. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

7. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша “жол картасы”ның өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын додалап барыў усыныс етилсин.

8. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

9. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы Концепция шеңберинде әмелге асырылатуғын жумысларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирип барсын.

10. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

    Өзбекстан Республикасы

  Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2025-жыл  23-июнь