Басламалар халықтың абаданлығын тәмийинлемекте

244

Елликқала районындағы “Таза бағ” аўыл пуқаралары тәрепинен алға қойылған баслама, жоқары дәрежедеги пуқаралық белсендилиги ҳәм аўызбиршилик себепли халық ушын әҳмийетли болған жол жойбары әмелге асырылмақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Атап айтқанда, “Таза бағ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 7-мектеп арқалы “Имомжон ота” қойымшылығына шекемги 1 километр 546 метр аралықтағы жолды асфальтлаў жойбары 2025-жыл 1-мәўсим “Басламалы бюджет” бағдарламасы шеңберинде 4 мың 647 пуқараның даўысы менен жеңимпаз деп табылды.

Жойбардың улыўма баҳасы 1,5 миллиард сумды қурап, усы қаржылар арқалы аймақта жол инфраструктурасын жақсылаў ҳәм халық ушын қолайлы шараят жаратыў мақсет етилген.

Қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы көлеминдеги Жоллар бойынша Буйыртпашы хызмети мәмлекетлик мәкемеси буйыртпашылығында “Шоббоз тош” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.

Бул жойбар аўыл халқының күнделикли турмысын жеңиллестирип ғана қоймастан, ал пуқаралардың басламасы ҳәм қатнасын қоллап-қуўатлаў жолындағы және бир табыслы қәдем сыпатында тән алынбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги