ӨзА Қытайдың Жаңалық агентлигиниң бирге ислесиўшилери қатарында

Қытайда Синхуа ҳәм Қытай Жаңалық агентлиги – CNS мәмлекет ҳәм дүнья мәмлекетлериндеги пайдаланыўшыларына хизмет көрсетеди.
CNS агентлигиниң бас офиси Пекинде жайласқан. Агентликтиң Қытайда 31 ҳәм сырт елде 21 филиалы бар. Үш тийкарғы жаңалық тарқатыў орайы Пекин, Гонконг ҳәм Нью-Йоркта жайласқан болып, күнине 24 саат, жылына 365 күн ислейди. Оның Шинжон филиалы барлық түрдеги жаңалықлар, соның ишинде, мақала, фото, видео, арнаўлы бетлерди таярлайды. Филиал ҳәр күни орташа 20 дан аслам хабар бетлерин басып шығарады.


Ҳәзирги ўақытта Шинжон бөлими Орайлық Азия, Батыс Азия ҳәм Қубла Азия бойынша халықаралық байланыс алып барыў ўазыйпасын атқарып, Қырғызстан, Қазақстан, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң ири ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойған.

Соңғы жылларда Шинжон бөлими Қырғызстан, Қазақстан, Россияның бирге ислесиўши ғалаба хабар қуралларында Шинжон ҳаққында арнаўлы бетлер шығарды. 2025-жылдан баслап болса булардың қатарына Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА да қосылды.
– ӨзАның директоры Абдусаид Кўчимов пенен сөйлесиўимиз бирге ислесиўимизге тийкар болды, – дейди Қытай Жаңалықлар агентлигиниң Шинжон филиалы директоры Ли Дэхуа.


CNS бирге ислесиўшилери дизимине ӨзА логотипин орнатыў мәресими салтанатлы түрде өтти. Онда Түркия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринен 21 ғалаба хабар қуралының ўәкиллери де қатнасты.
ӨзА