Өзбекстанда үлкен қуўатлылықтағы АЭС қурылысы режелестирилмекте

179

Усы жылдың 20-июнь күни Санкт-Петербург халықаралық экономикалық форумы шеңберинде “Росатом” мәмлекетлик корпорациясы ҳәм “Өзатом” агентлиги арасында әҳмийетли стратегиялық келисимге қол қойылды. Бул ҳаққында агентликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Келисим Өзбекстанда үлкен қуўатлылықтағы атом электр станциясын қурыў имканиятларын үйрениўди нәзерде тутады.

Ҳүжжетке муўапық, еки тәреп еки “ВВЭР-1000” реакторлы энергоблок қурыў мәселесин додалады. Келешекте бул көлем төрт блогқа шекем кеңейтилиўи мүмкин. Жойбар Россияда ҳәм сырт елде өзин ақлаған қәўипсиз ҳәм нәтийжели технологияларға тийкарланады.

Қол қойыў мәресиминде “Росатом” мәмлекетлик корпорациясының бас директоры Алексей Лихачёв ҳәм “Өзатом” агентлигиниң директоры Азим Аҳмедхўжаев қатнасты.

Ҳүжжет Россия Президенти Владимир Путинниң 2024-жыл 27-майдағы рәсмий сапары шеңберинде ҳәм 2025-жыл 28-апрель күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен өткерилген сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлердиң логикалық даўамы болды.

Лихачёвтың көзқарасларына бола, Жиззақ ўәлаятында киши қуўатлылықтағы АЭС қурылысы менен бирге, “ВВЭР-1000” реакторлы ири көлемли станция жойбары арқалы мәмлекетте углеродсыз энергетика кластери жаратылады. Бул инфраструктура тек ғана электр тәмийнатындағы талапларды қаплап қоймастан, ал Өзбекстанда санаат ҳәм инновациялық тараўларды раўажландырыў ушын тийкар жаратады.

Азим Аҳмедхўжаевтың атап өткениндей, жойбарды әмелге асырыўдың техникалық-экономикалық тийкарларын үйрениў ушын биргеликтеги Жумысшы топар дүзилген. Ҳәзирги ўақытта биринши энергоблок ушын зәрүр реактор үскенелерин ислеп шығарыў басланған.

Жумысшы топардың жуўмақлары тийкарында үлкен қуўатлылықтағы АЭС қурылысы бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиледи. Бул қарар жойбарды әмелий басқышқа алып шығыўда шешиўши әҳмийетке ийе болады.

Н. Зиёдуллаева ӨзАның хабаршысы