Ҳүжжетли баҳалы қағазларды жоқ етиў тәртиби белгиленди

216

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Ҳүжжетли баҳалы қағазларды жоқ етиў бойынша көрсетпе мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Инструкцияда ҳүжжетли баҳалы қағазларды жоқ етиў бойынша комиссияны қәлиплестириў ҳәм қағазларды жоқ етиў тәртибине байланыслы қағыйдалар белгиленди.

Ҳүжжетли баҳалы қағазлар жоқ етилетуғын сәнеден бир ай алдын эмитент баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етеди.

Ҳүжжетли баҳалы қағазларды жағып жибериў яки физикалық майдалаў жолы менен жоқ етиледи.

Ҳүжжетли баҳалы қағазларды жоқ етиў эмитент тәрепинен дүзилетуғын кеминде бес ағзадан ибарат комиссия тәрепинен әмелге асырылады.

Ҳүжжетли баҳалы қағазларды жоқ етиў ҳаққындағы акт баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым, Орайлық депозитарий ҳәм эмитентте сақлаў ушын үш нусқада дүзиледи.

 

ӨзА