Оқыўшылар пайдалы дөгереклерге қамтып алынбақта

298

Быйылғы оқыў жылының жуўмақланыўы алдынан Президентимиздиң басшылығында өткерилген мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде жазғы дем алыс дәўиринде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ушын театр, мәденият орайлары ҳәм концерт заллары, спорт майданшалары, дем алыў орны ҳәм туризм объектлериниң имканиятларынан толық пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилип, мектеплерде күндизги дем алыў орынлары, спорт, пән ҳәм кәсип-өнер дөгереклериниң шөлкемлестирилиўи белгиленген еди.

Бүгин Беруний районындағы 63-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Әҳмийетли 90 күнлик” шеңберинде дөгереклерде қатнасып атырған оқыўшылар менен илажлар шөлкемлестирилди.

Илажға районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы А.Қурбаниязов қатнасып, балаларға жазғы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериўде ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўде усы дөгереклердиң әҳмийети жоқары екенлигин атап өтти.

Ата-аналардың жумыс ўақтында балаларының жазғы дем алыс ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде алып барылып атырған бул жумыслар шеңберинде миллий аяқ ойыны, жас аспаз, ментал арифметика, шахмат, волейбол, футбол, жас художниклер ҳәм жас китапқумарлар дөгерегине оқыўшылар қамтып алынды.

“Әҳмийетли 90 күнлик” илажлары нәтийжели даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги