Франция елшиханасы ўәкили республикамызға келди

191

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева Францияның Өзбекстандағы елшиханасы ўәкили Серге Беллини менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде француз тилин енгизиў ҳәм раўажландырыў мәселелери додаланды.

Өткерилген ушырасыў барысында тәреплер, биргеликте оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, муғаллимлердиң маманлығын арттырыў ҳәм тараўға заманагөй методикаларды енгизиў бағдарында бир қатар режелерди белгилеп алды.

Буннан соң Серге Беллини Нөкис қаласындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебине барып, француз тилине қызығыўшы оқыўшылар ушын таңлаў пәнлери тийкарында француз тилин енгизиў бойынша өз усынысларын берди.

Республикамызға сапары даўамында Серге Беллини Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы мектеплерде француз тилинен сабақ берип атырған муғаллимлер менен ушырасыў өткериўи режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги