Кураш Халқаралық әскерий спорт кеңесиниң ағзасы болды

Халықаралық әскерий спорт кеңеси (CISM) миллий спортымыз курашти өз календарынан орын алған спорт түри сыпатында тән алды. Бул әҳмийетли қарар Шри-Ланканың Коломбо қаласында болып өткен CISM Бас Ассамблеясында жәрияланды.
1948-жылы шөлкемлестирилген Халықаралық әскерий спорт кеңесиниң бас резиденциясы Бельгияда жайласқан болып, оған 140 мәмлекет ағза болып есапланатуғынын айтып өтиў керек.

Халықаралық кураш ассоциациясы (IKA) ҳәм Өзбекстан Қураллы Күшлери ҳәм Өзбекстан гүрес федерациясының избе-из ҳәрекетлери, сөйлесиўлери ҳәм бирге ислесиўи нәтийжесинде CISM системасына киргизилген кураш презентациясы Халықаралық әскерий спорт кеңеси ағзаларының қатнасыўында өткерилди.
Бул халықаралық спорт шөлкеминиң қәўендерлигиндеги биринши рәсмий жарыс – «Kurash Challenge Cup» турнириниң келеси жылдың сентябрь айында Өзбекстанда өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Әскерий спортшылар арасында гүрес жарысларының жолға қойылғаны оның халықаралық раўажланыўында жаңа басқышты баслап берип атырғаны менен итибарлы болып есапланады.
Бул тек ғана спортшылар емес, ал миллий федерациялар ҳәм миллионлаған гүрес ықласбентлери ушын үлкен имканиятлар есигин ашыўы менен қәдирли.
Т.Рўзиев, ӨзА