Президенттиң исбилерменлер менен ашық пикирлесиўин шөлкемлестириў бойынша жумыслар басланды

МҒКАда Бизнес-омбудсман мәлимлеме хызметиниң басшысы Гулжамол Шукурованың қатнасыўында брифинг болып өтти.
Гүлжамал Шукурованың мәлим етиўинше, усы жылы өткерилетуғын Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўин шөлкемлестириў бойынша жумыслар басланды.
Оған муўапық, аймақларда Бизнес-омбудсман аппараты хызметкерлери тәрепинен исбилерменлер менен тараўлар кесиминде ушырасыўлар графиклери тастыйықланды ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Ушырасыўларда билдирилген усыныслар талланып, системалы машқалалар бойынша усыныслар қәлиплестирилмекте.
Сондай-ақ, 16-июньнен 20-августқа шекем республикалық Штаб, аймақлық жумысшы топарлардың жумысы жолға қойылып, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың маман қәнигелеринен ибарат эксперт топарлары исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыл етеди ҳәм улыўмаластырып барады.
Исбилерменлердиң мүрәжатлары 1100 ҳәм 1094 қысқа номерлери арқалы 24/7 режиминде «Call-марказ» «Исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў» электрон платформасы, арнаўлы телеграм бот және аймақларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар арқалы қабыл етиледи.
Соның менен бирге, брифингте өткен жылғы ашық сөйлесиўде берилген ўазыйпалар бойынша Бизнес-омбудсман аппараты тәрепинен әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтилди.
Атап айтқанда, исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бойынша мәмлекетимиз басшысының ПП-184-санлы пәрманы қабыл етилип, тийисли илажлар белгиленди.
2025-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимнен өткериў арқалы Бизнес-омбудсманды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылмақта.
Бизнес-омбудсман ҳәм қадағалаўшы уйымлар биргеликте «Қәўип-қәтерди таллаў» системаларына қойылатуғын минимал талапларды қайта көрип шығып, жетилистирилди.
Сондай-ақ, барлық қадағалаўшы уйымлардың «Қәўип-қәтерди таллаў» Режелери пәрман талапларына муўапықластырылған ҳалда қайтадан тастыйықланды.
«Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасына 43 қадағалаўшы уйым тәрепинен мәжбүрий талаплар реестри тийкарында исбилерменликтиң ҳәр бир бағдары бойынша исбилерменлик субектлериниң жумысының мәжбүрий талапларға муўапықлығын тексериў имканиятын беретуғын чеклист жайластырылды ҳәм чеклистти толтырыў нәтийжелери бойынша анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде исбилерменге усыныслар бериў имканияты жаратылды.
Қадағалаўшы уйымлардың 2024-жылғы жумысы баҳаланып, «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында рейтинг жәрияланды.
Бизнес-омбудсман аппаратында Қадағалаўшы уйымлардың тексериў ҳуқықын бериўши арнаўлы гүўалыққа ийе хызметкерлериниң маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме системасында дизимнен өткен 43 қадағалаўшы уйымлардың арнаўлы гүўалыққа ийе болған лаўазымлы шахсларының 8 170 хызметкери аймақларға шыққан ҳалда оқыў курсларында оқытылды.
Буннан тысқары, жыл даўамында исбилерменлердиң мүрәжатлары Исбилермен виртуал офиси, аймақлардағы ушырасыўлар арқалы турақлы талланып барылмақта.
Усы жылдың өткен дәўири даўамында исбилерменлердиң системалы машқалалар бойынша берген мүрәжатлары тийкарында 9 аналитикалық мағлыўматнама таярланып, 25 усыныс Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети ҳәм тийисли шөлкемлерге киргизилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА